Финанслық жәриймаларды қолланыў тәртибин либералластырыў ҳәм суд қадағалаўын күшейтиў мәселелери додаланды

Президент Шавкат Мирзиёев 13-апрель күни исбилерменлик субъектлерине финанслық жәриймаларды қолланыў тәртибин буннан былай да либералластырыў, бул бағдарда артықша бюрократиялық тосқынлықларды қысқартыў және мәмлекетлик уйымлар ҳәм лаўазымлы шахслардың жумысы үстинен суд қадағалаўының нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған усыныслардың презентациясы менен танысты.
Презентацияда бүгинги күнде финанслық жәриймаларды қолланыў әмелиятында исбилерменлер ушын бир қатар машқалалар сақланып қалып атырғаны атап өтилди. Атап айтқанда, ҳәзирги ўақытта жәриймалардың көпшилиги ўәкилликли уйымлар, қалғанлары болса судлар тәрепинен қолланылып атырғаны суд қадағалаўын күшейтиў зәрүрлигин көрсетпекте.

Усы мүнәсибет пенен быйыл 1-октябрьден финанслық жәриймаларды ықтыярлы төлеўди хошаметлеўши жаңа ҳәм бирден-бир тәртипти енгизиў усыныс етилди. Оған бола, исбилерменлик субъекти ўәкилликли уйымның қарары тапсырылған күннен баслап бир ай ишинде жәрийманың 50 процентин төлесе, қалған бөлегин төлеўден азат етиледи.
Сондай-ақ, жәрийманы алты ай даўамында тең бөлип төлеў имканиятын жаратыў нәзерде тутылмақта. Онда қарар тапсырылғаннан соң бир ай ишинде жәрийма суммасының алтыдан бир бөлеги төленсе, бул тәртип автомат түрде әмел етеди.

Суд қадағалаўын күшейтиў мақсетинде ўәкилликли уйымның финанслық жәрийма қолланыў ҳаққындағы қарары суд тәрепинен бийкар етилген ямаса ҳақыйқый емес деп табылған жағдайда өндирилген қаржыларды 15 күн мүддетте қайтарыў механизмин белгилеў усыныс етилди. Егер бул мүддет бузылса, кешиктирилген ҳәр бир календарь күн ушын Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан келип шыққан ҳалда процент есапланыўы нәзерде тутылмақта.
Финанслық жәриймаларды қолланыў процесслерин санластырыўға да айрықша итибар қаратылды. Бизнес-омбудсман тәрепинен жүргизилетуғын “Бирден-бир мәмлекетлик қадағалаў” мәлимлеме системасында исбилерменлик субъектлерине қолланылған финанслық жәриймалардың электрон реестрин енгизиў усыныс етилди.

Ўәкилликли уйымлардың қарарлары қабыл етилгеннен кейин электрон санлы қолтаңба менен усы системаға киргизилиўи шәрт болады. Мәлимлеме системасына киргизилмеген ҳәм электрон санлы қолтаңба менен тастыйықланбаған қарарлар ҳақыйқый емес деп есапланады ҳәм олар тийкарында жәрийма өндирилмейди.
Сондай-ақ, мобиль қосымша арқалы финанслық жәриймаларды есапқа алыў, оларды мониторинг етиў ҳәм онлайн төлеў имканиятын жаратыў, мәпдар уйымлардың мәлимлеме системаларын өз-ара интеграциялаў зәрүр екенлиги атап өтилди. Салық төлеўши – исбилерменлик субъектиниң жеке кабинети арқалы финанслық жәрийма ҳаққындағы қарарлар үстинен онлайн шағым етиў ҳәм шағым киргизилиўи менен қарардың орынланыўын автомат тоқтатып турыў имканиятын енгизиў нәзерде тутылмақта.
Презентацияда ҳуқықый тәсир илажларын қолланыў тәртибин унификациялаўға қаратылған “Ҳуқықый тәсир илажлары ҳаққында”ғы нызам жойбарын ислеп шығыў усынысы билдирилди.
Мәмлекетимиз басшысы исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин исенимли қорғаў, оларды нызамға әмел еткен ҳалда жумыс алып барыўға хошаметлеў, жәрийма қолланыў әмелиятында әдиллик ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеў ең әҳмийетли ўазыйпалардан екенин атап өтти.
Усынысларды пуқта ислеп шығып, суд қадағалаўын күшейтиў, санластырыўды жеделлестириў ҳәм тараўда бирден-бир, анық ҳәм әдил ҳуқықый механизмди қәлиплестириў бойынша жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берилди.
ӨзА