Бухараның жаңа келбети халықтың мәплери жолындағы дөретиўшилик басламаларында көринбекте

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 10-апрель күни Бухара ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм перспективалы жойбарлар менен танысты.
Мәмлекетимиз басшысы Бухара қаласына сапары даўамында дәслеп Бухара ўәлаятының жаңа ҳәкимшилик орайында әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслары менен танысты.
Комплекс Қашқадәрья ўәлаяты Көкдала районында сынақтан өткен басқарыў уйымларын интеграциялаў тәжирийбесиниң даўамы болып есапланады. Ол жерде 38 мәмлекетлик уйым бир жерге жәмленип, халық ушын үлкен қолайлық жаратылған. Бурын түрли жумыс пенен алыс аралықларды басып, басқа районлық уйымларға қатнаған пуқаралар барлық хызметлерди өзине жақын жерде алыў имканиятына ийе болды.
Президентимиз өткен жылы Көкдалаға сапары ўақтында бундай қатнас барлық районлар ушын үлги екенин атап өткен еди. Өткен дәўирде басқа аймақларда да усы тәжирийбе тийкарында дөретиўшилик жумыслары басланған.
Атап айтқанда, Бухарадағы ҳәкимшилик орай 14 гектар майданды ийелеген болып, биринши басқышта ўәлаят ҳәм қала ҳәкимликлери, ўәлаятлық прокуратура және ишки ислер басқармалары сыяқлы мәмлекетлик уйымлар бир аймақта жәмленген. Бул, бәринен бурын, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының өз-ара муўапықласыўын жақсылаў, мүрәжатлар менен ислесиўди жеделлестириў ҳәм мәмлекетлик хызметлердиң сапасын арттырыўға хызмет етеди.
Комплекс тек ғана ҳәкимшилик имаратлардан ибарат емес. Бул жерде пуқаралардың мазмунлы дем алыўы ушын қыябанлар, фонтанлар ҳәм жасыл аймақлар қурылмақта.
Президентимиз ўәлаят ҳәкимлигиниң жаңа имаратындағы қурылыс жумыслары менен танысты.
Адамларға қолайлық жаратыў, пуқаралар ҳәр қыйлы мәселелер бойынша ҳәр қыйлы мәнзиллерге барып жүрместен, зәрүр хызметлерди бир аймақтың өзинде алыўын тәмийинлеў мақсетинде мәмлекетлик уйымларды бирден-бир ҳәкимшилик орайларға бирлестириў жумысларын избе-из даўам еттириў зәрүрлиги атап өтилди.
Усы жердиң өзинде мәмлекетимиз басшысына аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыў, халыққа және де қолайлы шараятлар жаратыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар таныстырылды.
Соның ишинде, банклер тәрепинен жасалма интеллекттен пайдаланған ҳалда аймақ ҳәм мәҳәллелер кесиминде таллаў өткерилип, Бухара районы мысалында өсиў ноқатлары анықланғаны ҳаққында мәлимлеме берилди. Бул таллаўлар жер, суў, мийнет ресурслары, базар талабы, инфраструктура ҳәм бар өндирислик қуўатлықларды өз-ара байланыслы ҳалда баҳалаў имканиятын берди. Нәтийжеде Бухара районында агробизнес, туризм, санаат ҳәм жол бойы хызметлери ең перспективалы бағдарлар сыпатында белгиленген.
Атап айтқанда, 15 мың гектар жерди өзлестириў, 500 гектар жаңа жүзим атызларын жаратыў, экотуризмди кеңейтиў, сондай-ақ, нефть-газ, химия, қурылыс ҳәм азық-аўқат тармақларында жаңа жойбарларды әмелге асырыў имканиятлары көрсетип өтилди. Таллаўлар соны көрсетеди, 2026-2031-жылларда бул бағдарларда 7,4 триллион сумлық жойбарларды әмелге асырыў ҳәм 15 мың жаңа жумыс орнын жаратыў мүмкин.
Сондай-ақ, райондағы 36 мәҳәллени 6 драйвер бағдар – жүзим жетистириў, мийўе-овощ жетистириў, шарўашылық, бағшылық, туризм ҳәм сервиске қәнигелестириў мүмкин екенлиги атап өтилди. Жойбарларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўды жеделлестириў мақсетинде мәҳәллелер ушын ресурс базасын қәлиплестириў, бизнес-режелерди автоматикалық таярлаў, қаржылардың ҳәрекетин ҳәм нәтийжелерди реал ўақыт режиминде қадағалаў бойынша жасалма интеллект тийкарындағы шешимлер ислеп шығылмақта.
Президентимиз жасалма интеллект имканиятларынан пайдаланып, ҳәр бир аймақтың потенциалын ашыў, жойбарларды нәтийжеге қаратылған ҳалда қәлиплестириў ҳәм халықтың бәнтлигин және дәраматын арттырыўға хызмет ететуғын басламаларды қоллап-қуўатлаў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Буннан соң Президент Шавкат Мирзиёев Бухараның тарийхый бөлегине барды.
Мәмлекетимиз басшысы қала халқын ҳәм мийманларын қызғын қутлықлады.
Бухараның бай мәдений мийрасын, тарийхый келбетин сақлаў ҳәм оны буннан былай да абат етиў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мәлимлеме берилди.
Президент Шавкат Мирзиёев Бухараға сапары ўақтында қаланың жаңа аэропортын қурыў жойбары менен танысты.
Мәмлекетимизде транспорт инфраструктурасы избе-из раўажландырылмақта. Жаңа жол ҳәм көпирлер қурылып, жолаўшыларға қолайлықлар арттырылмақта. Мәмлекетимиз басшысы 2024-жылы Бухара ўәлаятына сапары даўамында аймақтың туризм потенциалын буннан былай да раўажландырыў мақсетинде Бухараның жаңа халықаралық аэропортын қурыў бойынша әҳмийетли тапсырма берген еди.
Бул транспорт объекти ҳәм оған тутас инфраструктура қурыў ушын қала сыртынан жәми 370 гектар жер майданы ажыратылған. Жойбар шеңберинде аэропортқа алып барыўшы автомобиль жолы да қурылмақта. Оның улыўма узынлығы 23,8 километрди қурап, соннан 2,7 километри пүткиллей жаңа жол, 21,1 километри болса реконструкцияланады. Сондай-ақ, жол бойында 2 жол өткел, 9 жер асты пиядалар өтиў орны ҳәм 8 көпир қурылыўы нәзерде тутылған.
Жойбарға бола, жаңа аэропортта узынлығы 3,3 километр болған, барлық түрдеги ҳаўа кемелерин қабыл етиў имканиятына ийе ушыў-қоныў жолы, сондай-ақ, саатына 1200 жолаўшыға жоқары дәрежеде хызмет көрсетиў қуўатлылығына ийе аэровокзал комплекси қурылады.
– Биз Бухара ўәлаяты халқы, сондай-ақ, жергиликли ҳәм сырт елли туристлер ушын заманагөй ҳәм қолайлы хызмет көрсететуғын аэропорт қурыўды мақсет еткенбиз. Солай екен, бул аэропорт жәҳән стандартлары талапларына толық сәйкес келиўи шәрт, деди Президентимиз.
Мәмлекетимиз басшысына Бухара ўәлаятының экономикалық, инвестициялық ҳәм туризм потенциалын арттырыўға қаратылған басқа да қурылыс жойбарлары ҳаққында мәлимлеме берилди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Бухараға сапары даўам етпекте.
Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ, Икром АВВАЛБОЕВ,
Зариф КОМИЛОВ, ӨзА