Өзбекстан ҳәм Қазақстан қатнасықлары экономикалық бирге ислесиў ҳәм руўхый бирлик жолынан бармақта

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев 11-апрель күни әмелий сапар менен елимизде болды.
Жоқары мәртебели мийманды Бухара халықаралық аэропортында мәмлекетимиз басшысы күтип алды.
Миллий нама қосықлар ҳәм аяқ ойынлардан ибарат салтанатлы күтип алыў мәресими болды. Еки елдиң мәмлекетлик байрақлары көтерилди ҳәм ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Өзбекстанның сыртқы сиясатында қоңсы мәмлекетлер, атап айтқанда, Қазақстан менен қатнасықлар сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилди. Еки туўысқан мәмлекет арасындағы байланыслар тек ғана стратегиялық шериклик емес, ал шын мәнисиндеги аўқамласлық принциплери тийкарында беккемленбекте. Бул болса регионда турақлылық ҳәм избе-из раўажланыўды тәмийинлеўдиң ең әҳмийетли факторы болып хызмет етпекте.
Өз-ара исеним ҳәм жақсы қоңсышылық руўхындағы бул жақынлық халықларымыздың тарийхый ҳәм руўхый тамырларының уқсаслығына тийкарланады. Мәмлекетлеримиз басшыларының сиясий ерк-ықрары себепли шегаралар дослық ҳәм бирге ислесиў көпирине айланды. Экономикалық ҳәм мәдений байланыслар избе-изликке ийе болды.
Бул әмелий сапар да еки мәмлекет арасындағы көп тәреплемели бирге ислесиў күн тәртибин және де кеңейтиў ҳәм келешектеги тийкарғы бағдарларды белгилеп алыў жолындағы әҳмийетли қәдем болды. Өзбекстан ҳәм Қазақстан тек ғана экономикалық шериклер емес, ал улыўма тәғдири ҳәм келешеги бир болған, регионаллық пүтинликти тәмийинлейтуғын қүдиретли күш сыпатында көзге тасланбақта.
Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев дәслеп Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев пенен биргеликте Баҳауддин Нақшбанд мақбарасын зыярат етти.

Әййемги Бухарадан 12 километр узақлықта жайласқан комплекс региондағы ең әҳмийетли зыярат орынларынан бири болып есапланады. Бул жерде XIV әсирдиң ири алымы нақшбандия тариқатының тийкарын салыўшы Баҳауддин Нақшбанд жерленген.
Өзбек ҳәм қазақ халықларының дини, руўхий қәдириятлары бир. Елимизде жасаған әўлийе ҳәм уламалар Қазақстанда да қәдирленеди. Уллы бабамыз Баҳауддин Нақшбанд мине усындай тулғалардан бири болып есапланады.
Ансамбль әсирлер даўамында қәлиплескен болып, бүгинги күнде оның қурамында мақбара, Абдулазизхан тәрепинен зыяратшылар ушын қурылған мавзолей,еки мешит, шайбанийлер, аштарханийлер ҳәм маңғытлар династияларының әмирлери жерленген қәбир, сондай-ақ, суфизм тарийхына бағышланған музей орын алған.
Өзбекстан Президентиниң басламасы менен комплекс және де абат етилип, тарийхый келбети тикленди. Бәринен бурын, Тоқи мияна дәрўазасынан баратуғын тарийхый жол қайта оңланды. Тоқи мияна дәрўазасының еки қапталы бағқа айландырылған. Музей ҳәм таҳаратхана қурылған. Манғытлар династиясына тийисли болған Бухара аталығы Даниялбий қурдырған медресе оңланбақта.
Сапар даўамында Қуран аятлары оқылып, туўысқан халықларымызға тынышлық ҳәм абаданлық тилеп, пәтия етилди.
Бухара қаласында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың ушырасыўы болып өтти.
Өзбекстан – Қазақстан дослық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Сөйлесиўлер алдында мәмлекетимиз басшысы Қазақстан Президентин жаңа Конституция бойынша референдум табыслы өткерилгени менен қутлықлады.
Аймақларда турақлы түрде рәсмий емес ушырасыўлар өткериў жақсы дәстүрге айланып, еки тәреплеме ҳәм регионаллық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелерди ашық-айдын ҳәм конструктивлик додалаўға хызмет етип атырғаны атап өтилди.
Өткен жылы ноябрь айында Қазақстан Президентиниң Өзбекстанға сапары ўақтында ерисилген келисимлердиң әмелий нәтийжелери қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Барлық дәрежелердеги байланыслар, соның ишинде, ҳүкиметлераралық ҳәм парламентлераралық бирге ислесиў жеделлести.
Товар алмасыў турақлы өсип, өткен жылы 5 миллиард долларға жетти. Автомобиль қурылысы, инфраструктураны раўажландырыў, логистика, электротехника, қурылыс материаллары ҳәм басқа да тармақларда кооперация жойбарлары табыслы әмелге асырылмақта.
Химия, геология, энергетика, автомобильлер ушын комплектлеўши бөлеклерди ислеп шығарыў ҳәм басқа да тараўлардағы бир қатар жаңа басламалар көрип шығылды.
Транспорт ҳәм логистика тараўында өз-ара байланыслылықты раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды. Шегара алды инфраструктураны модернизациялаў, тосқынлықларды сапластырыў ҳәм сыртқы базарларға шығыўды тәмийинлейтуғын нәтийжели транспорт коридорларын жаратыў бойынша биргеликтеги илажларды әмелге асырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Сондай-ақ, тәреплер “Қамбарата” гидроэлектр станциясының қурылысы сыяқлы ири регионаллық жойбарларды жеделлестириў ҳәм “жасыл” энергия экспорты бойынша басламаларды алға қойыў мәселелерин де додалады.
Суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм регионаллық экологиялық басламаларды алға қойыў, соның ишинде, шегаралас аймақларда “Таза ҳаўа” жойбарларын әмелге асырыў бойынша биргеликте ислесиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Жетекшилер инновациялық ҳәм жоқары технологиялық тараўларда, соның ишинде, космослық технологиялар, санластырыў, электрон коммерция ҳәм стартапларды қоллап-қуўатлаў бағдарындағы бирге ислесиўди раўажландырыўға умтылысы исенимли екенин билдирди.
Мәдений-гуманитарлық алмасыўларды жеделлестириў, соның ишинде, мәденият күнлери, жаслар форумларын өткериў, креатив экономика ҳәм туризм тараўындағы бирге ислесиўди беккемлеўге келисип алынды.
Мәмлекет басшылары халықаралық ҳәм регионаллық сиясаттың әҳмийетли мәселелери бойынша да пикир алысты.
Ушырасыў даўамында бас министрлердиң орынбасарларының саўда-экономикалық күн тәртибиниң әҳмийетли тәреплери, соның ишинде, жақын келешекте өз-ара саўданы 10 миллиард долларға жеткериў бойынша көрилип атырған илажлар бойынша есабатлары тыңланды.
Сөйлесиў жуўмағында ҳүкиметлерге ерисилген келисимлерди әмелге асырыў бойынша “жол картасы”н қабыл етиў тапсырылды.
Буннан соң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев Бухара ўәлаяты ҳәкимлигиниң ситуациялық орайының жумысы менен танысты.
Елимизде орынлардағы атқарыўшы ҳәкимият уйымларының жумысын оларды бирден-бир мәнзилде жәмлеген ҳалда шөлкемлестириўге қаратылған жергиликли мәмлекетлик басқарыўдың жаңа модели избе-из енгизилмекте. Бундай көзқарас уйымлар жумысының өз-ара муўапықласыўын арттырыў, қарарлар қабыл етиўди жеделлестириў ҳәм халықты ойландырып атырған машқалаларды және де нәтийжели шешиўге хызмет етеди.
Ўәлаят басқарыўының интеллектуаллық өзегине айланған заманагөй ситуациялық орай Бухараның жаңа ҳәкимшилик орайында шөлкемлестирилди. Бул жерде дәслепки басқышта ўәлаят ҳәм қала ҳәкимликлери, ўәлаят прокуратурасы, ишки ислер басқармасы ҳәм басқа да структуралар жайласқан.
Орайда социаллық-экономикалық раўажланыўдан баслап, инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў, коммуналлық ҳәм транспорт инфраструктурасы, жәмийетлик қәўипсизлик жағдайы, пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиўге шекем, улыўма, ўәлаят турмысының барлық тараўлары бойынша мағлыўматлар реал ўақыт режиминде қәлиплестириледи, қайта исленеди ҳәм системалы түрде талланады.
Жоқары мәртебели мийманға орайдың аймақлар кесиминде жағдайды комплексли мониторинг етиў, машқалалы орынларды ерте анықлаў, орынлардағы жумыс нәтийжелилигин қалыс баҳалаў ҳәм белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын қатаң қадағалаў бойынша имканиятлары анық мысаллар тийкарында көрсетип берилди.
Буннан соң жетекшилер ҳәкимлик хызметкерлери ушын жаратылған шараятларды көзден өткерди. Жаңа имарат заманагөй жумыс орынлары, мәжилис заллары, санлы инфраструктура менен үскенеленип, мәмлекетлик уйымлардың нәтийжели ҳәм үйлесикли болып ислеўи ушын барлық зәрүр қолайлықлар тәмийинленген.
Сапар етиў даўамында Қазақстан Президентине сийрек ушырасатуғын архив материалларының нусқалары да көрсетилди. Бул Өзбекистанда анықланған, Түркстанда жайласқан Хожа Ахмет Яссаўий ҳәм Мырза Улығбектин қызы Робия Султанбегим мақбараларына байланыслы 1920-1950-жылларға тийисли баҳалы ҳүжжетлер, сызылмалар ҳәм фотоматериаллар болып табылады.

Туўысқан қазақ халқына ҳәм еки мәмлекеттиң улыўмалық тарийхына ҳүрмет белгиси сыпатында бул архив ҳүжжетлериниң нусқалары Қазақстан тәрепине саўға етилди.
Ҳәзирги күнге шекем айырымлары илимий айланысқа киргизилмеген бул материаллар үлкен тарийхый ҳәм илимий әҳмийетке ийе екени атап өтилди. Сийрек ушырасатуғын архитектуралық естеликлер болған Ахмет Яссаўий ҳәм Робия Султанбегим мақбаралары Орайлық Азия халықларының улыўма тарийхый-мәдений мийрасында айрықша орын ийелейтуғыны атап өтилди.
Буннан соң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев Бухара қаласының универсал спорт комплексинде өткерилип атырған “National AI Hackathon” жасалма интеллект бойынша улыўма миллий хакатонға барды.

Бул илаж мәмлекетимиз басшысының басламасы менен Өзбекстанда жасалма интеллект экосистемасын раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған избе-из сиясат шеңберинде шөлкемлестирилди.
Жетекшилерге санластырыў ҳәм жасалма интеллект технологияларын енгизиў бағдарындағы жумыслардың нәтийжелери таныстырылды. Атап айтқанда, “Санлы ҳүкимет” системасы, транспорт, бажыхана, салық, денсаўлықты сақлаў, социаллық қорғаў, энергетика, геология, қурылыс ҳәм аўыл хожалығы тараўларындағы шешимлерди өз ишине алған санлы трансформация процесслери ҳаққында мәлимлеме берилди.
Бул тараўларды санластырыў мәмлекетлик басқарыўдың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм халықтың турмыс сапасын жақсылаўға хызмет етип атырғаны атап өтилди.
Сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Қазақстанның стартапларын қоллап-қуўатлаў ҳәм алға қойыў экосистемасының презентациясы болып өтти. Мәмлекет басшылары “KPI-COM”, “OSON”, “DATOX” ҳәм басқа да перспективалы стартап жойбарларының жумысы менен танысты және олардың интакерлери менен сөйлести.
Миллий ҳәм сырт ел акселераторлары, соның ишинде, “UZUM”, “TBC Bank”, “Aloqabank”, “HUMO”, “UZCARD” жумысы ҳаққындағы мағлыўматлар тыңланды.
Венчур инфраструктурасын және де раўажландырыў ҳәм жаслар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Банк тараўының жетискенликлери, атап айтқанда, санлы банк хызметлери ҳәм заманагөй төлем шешимлериниң раўажланыўына айрықша итибар қаратылды.
Мәмлекет басшыларына хакатон өткериў концепциясы ҳәм қатнасыўшылардың түрли тараўлардағы әҳмийетли машқалаларды шешиўге қаратылған жойбарлары таныстырылды.
Ашықтан-ашық сөйлесиў даўамында жаслардың бул тараўға қызығыўшылығы, жигит-қызлардың дөретиўшилик потенциалы ҳәм жасалма интеллект технологияларын әмелий қолланыўға болған умтылысы жоқары баҳаланды.
Сапар етиў жуўмағында Президентлер хакатон қатнасыўшылары ҳәм стартап жәмийетшилиги ўәкиллери менен естелик ушын сүўретке түсти.
Мәмлекет басшылары Бухара қаласында бәсекиге шыдамлы таяр өнимлер ислеп шығарыўдың толық шынжырын жолға қойған “Нигора” компаниясына барды.
Бул жойбардың баҳасы 35 миллион долларды қурап, 2024-жыл август айында табыслы иске қосылған. Бул жерде 840 хызметкер жумыс пенен тәмийинленген, олардың көпшилигин ҳаял-қызлар қурайды.

Япония, Италия, Белгия ҳәм Германиядан алып келинген жоқары технологиялық үскенелер халықаралық базарларда исенимли бәсекилесиў ҳәм ҳәр жылы 20 миллион погон метр таяр гезлеме ҳәм 1 миллион дана тоқымашылық өнимлерин ислеп шығарыў имканиятын береди.
Президентлерге таяр кийим-кеншек ҳәм гезлемелердиң үлгилери көрсетилди. “Shoyigul” бренди астында ислеп шығарылып атырған өнимлер тийкарынан Европа мәмлекетлерине, атап айтқанда, Италия, Австрия, Уллы Британия ҳәм Германияға экспорт етилмекте.

Мәмлекет басшылары компанияның жыллық экспортты 10 миллион долларға алып шығыў, өндиристи кеңейтиў ҳәм келешекте синтетикалық талшық ҳәм аралас гезлемеден таяр өним ислеп шығарыўды жолға қойыў режелерин жоқары баҳалады.


Илажлар жуўмақланғаннан соң, жоқары мәртебели мийманды Бухара халықаралық аэропортында мәмлекетимиз басшысы шығарып салды.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Президентиниң Бухара ўәлаятына сапары жуўмақланды.
ӨзА