Санаат тараўында жумыс алып барып атырған исбилерменлер менен ушырасыў өткерилди

106

Исбилерменликке көмеклесиў бүгинги күнде экономикамыздың раўажланыўына салмақлы үлес қосыўы менен бирге, жаңа жумыс орынларын жаратыўда да әҳмийетли есапланады. Олардың жумысларын қоллап-қуўатлаўда болса, тиккелей жақыннан пикирлесиў арқалы машқалаларына шешим табыў бүгинги күнниң талабы екенлигин айрықша айтыўымыз керек.

Усы бағдардағы әмелий жумыслардың даўамы сыпатында Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаевтың басшылығында санаат тараўында жумыс алып барып атырған исбилерменлер менен ушырасыў болып өтти.

Онда Президентимиз тәрепинен санаатты раўажландырыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бағдарындағы Қарақалпақстан ушын өз алдына берилген жеңилликлер кең түрде атап өтилди.

Соның менен бирге, берилген сонша имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, елимиздиң санаат потенциалын арттырыў, тараўда жаңа кәрханаларды иске қосыў, импорт арқалы алып келинип атырған өнимлерди ислеп шығарыўды шөлкемлестириў, жергиликли кәрханалардың бар болған имканиятларынан нәтийжели пайдаланып, өз-ара бирге ислесиўди жолға қойыў мәселелери сөз етилди.

Буннан тысқары, жуўапкер мәкеме басшылары тәрепинен салық, бажыхана ҳәм басқа да бағдарлар бойынша берилген жеңилликлер пакети кең түрде таныстырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги