Исбилерменлердиң машқалалары тыңланды

Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың Нөкис қаласындағы жаңа жойбар интакерлери болған исбилерменлер менен ушырасыўы болып өтти.
Ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы Президентимиздиң Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген қарар, пәрманлары тийкарында исбилерменлер ушын жаратып берилген шараятлар, мәмлекетимиздиң басқа регионларында болмаған жеңилликлер ҳаққында мағлыўматлар берип, өз гезегинде бундай имканиятлар нәтийжесинде исбилерменлердиң саны артып, жаңа жумыс орынлары жаратылып атырғанлығын атап өтти.
Атап өтилгениндей, өткен тарийхый қысқа ўақыт ишинде елимизде исбилерменлердиң өз бизнесин жүргизиўи, кеңейтиўи, жаңа қуўатлықларды иске қосыўы, регионымыздың инвестициялық тартымлылығын арттырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Бундай ийгиликли илажлар еле де даўам еттириледи.
Ушырасыўда исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў бағдарында еле де әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар ҳаққында сөз етилди.

Исбилерменлер тәрепинен көтерилген мәселелердиң басым көпшилигине орнында шешимин табыў илажлары көрилди. Системалы машқалалар белгилеп алынды. Ҳәр бир мүрәжат итибардан шетте қалмайтуғыны атап өтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги