Сайлаў аўызбиршилик пенен даўам етпекте

Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының арнаўлы қарары менен «Сайлаў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының тийисли статьяларына муўапық 37-санлы «Хожели» сайлаў округинде босаған орынға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатын сайлаў Хожели районындағы белгиленген орынларда шөлкемлескенлик жағдайда өткерилмекте.


511-санлы сайлаў учаскасында 1496 сайлаўшы сайлаўға қатнасыўы белгиленген болып, ерте азаннан мәмлекетлик гимнлер жаңлап, барлық шараятлар жаратылған ҳалда сайлаў процесси басланды.


-Сайлаўға халқымыз белсене қатнаспақта. 14 жас биринши сайлаўшы сыпатында қатнасып, өзлерине мүнәсип деп есаплаған талабанларға даўыс бермекте. Сондай-ақ, денсаўлығы себепли қатнаса алмай атырған пуқаралардың шаңарақларына барып, көшпели қутылар арқалы олардың сайлаўға қатнасыўына имканиятлар жаратылмақта,-дейди сайлаў участкасы баслығы Минайым Турданова.


– Сайлаў учаскасынан келип жағдайымыздан хабар алып, бизлердиң даўыс бериўимизге жақсы шараятлар жаратып атыр. Усындай имканиятлар жаратылғаны ушын миннетдарман. Бул елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында инсан қәдир қымбаты жоқары дәрежеде қәдирленип атырғанлығынан дерек береди,-дейди Кенегес көшеси 22 үйде жасаўшы пуқара Атажан Розымов.




Сайлаў процесси даўам етпекте.
Г.Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги