Сайлаўшылар өзиниң сиясий ерк-ықрарын көрсетпекте

Бүгин, 12-апрель күни Хожели районындағы 37-санлы «Хожели» сайлаў округинде босаған орынға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатын сайлаў илажларында пуқараларымыз өз конституциялық ҳуқықларынан пайдаланып, сиясий ерк-ықрарын көрсетеди.

Барлық сайлаў участкалары сыяқлы усы сайлаў округине қараслы 516-сайлаў участкасында да халықтың даўыс бериў ҳуқықынан пайдаланыўын тәмийинлеў бойынша кең көлемли шөлкемлестириўшилик ҳәм түсиник жумыслары алып барылды. Бул сайлаў участкасында бүгин 1 мың 253 пуқара өзи мүнәсип деп билген талабанға даўыс бериўи күтилмекте. Соннан 20 дан асламы биринши мәрте усы сиясий процеске қатнасыў бахтына миясар болады.


– Сайлаўда қатнасыў ҳәр бир пуқараның тек ҳуқықы болып қалмай, соның менен бирге миннети де есапланады, – дейди 80 жасты қарсылаған Мақсет ата Алламбергенов. – Себеби, сайлаўда келешекте Ўатанымыздың раўажланыўы ушын даўыс беремиз, елимизде әмелге асырылып атырған реформаларға өз мүнәсибетимизди билдиремиз. Аймағымыздағы 516-сайлаў участкасына келип, өз сайлаў ҳуқықымды әмелге асырдым – мүнәсип талабанға даўыс бердим.
М.ПИРНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.