Сайлаў белгиленген тәртип-қағыйдаларға сай өтпекте

109

Бүгин 12-апрель күни Хожели районында 37-санлы «Хожели» сайлаў округине босап қалған орынға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутат сайлаў болып өтпекте.

Райондағы Абат МПЖ аймағындағы 515-сайлаў участкасында 1911 сайлаўшы қатнасыўы белгиленген болып, түски саат 12 деги жағдай бойынша  ҳәзирге шекем дизимнен өткен сайлаўшылардың 55 проценти даўыс берди.  Бул сиясий процессти сиясий партиялардан қатнасып атырған бақлаўшылар  да бақлап бармақта.

-Конституциялық ҳуқықымнан падаланған ҳалда бүгин биринши мәрте даўыс берип атырман. Мен ел-халқымыздың үмитин ақлайды деп есаплаған талабанға даўыс бердим, -дейди он сегиз жаслы қыз, аймақ турғыны Дилорам Калилаева.

Сайлаў белгиленген тәртип-қағыйдаларға сай аўызбиршилик пенен даўам етпекте.

                                                   Г. Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги