Босаған орын ушын сайлаў өткерилди

Усы жылдың 12-апрель күни Хожели районында 37-санлы «Хожели» сайлаў округинде босаған орынға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине депутат сайлаўы өткерилди.


Райондағы Тынышлық мәкан пуқаралар жыйынында жайласқан 512-сайлаў участкасы да саат 08-00 де ашылып, аймақ турғынлары сайлаўға белсене қатнасып, белгиленген тәртипте пуқаралығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлерин көрсетип, сайлаў бюллетенлерин алып өзлери қәлеген талабанларға даўыс берди.


Бул сайлаў участкасында да сайлаўға үлкен жуўапкершилик пенен қарап, қызғын таярлықлар көрилген екен. Бул участкада сайлаўға 2282 адамның қатнасыўы күтилмекте. Соннан 50 процентке шамаласын жаслар қурайды.

– Мен бул жерде 25 жылдан берли жасайман. Аймағымызда өткерилген усындай илажларға турақлы түрде қатнасып келмектемен. Бул ретки сайлаўға да пуқта таярлық көрилген екен. Белигенген тәртипте дизимнен өтип, өзим қәлеген талабанға даўыс бердим, – дейди аймақ турғыны Азат Халмуратов.





Сайлаў басқа сайлаў участкаларында да қызғын даўам етпекте.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.