Талабанлар өз сайлаў алды бағдарламасын таныстырды

527

Қарақалпақстан Республикасы Орайлық салаў комиссиясының арнаўлы қарары менен «Сайлаў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының тийисли статьяларына муўапық усы жыл 12-апрель күни 37-санлы «Хожели» сайлаў округинде босаған орынға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатын сайлаў өткериледи.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине босап қалған депутатлық орыны ушын өткерилетуғын қайта сайлаўда 37-санлы «Хожели» сайлаў округине  партиялардан көрсетилип атырылған талабанлар өз сайлаў алды бағдарламасын сайлаўшыларға таныстырыў мақсетинде  райондағы 2-санлы улыўма билим бериў мектебинде Байтерек ҳәм Пәрўаз МПЖлары турғынлары менен ушырасты.

Ушырасыў даўамында талабанлар сайлаўшыларды өзлериниң сайлаўалды бағдарламалары менен таныстырып, оларды қызықтырған сораўларға жуўап берди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги