Сайлаўды өткериўге байланыслы норма ҳәм қағыйдалар таныстырылды

523

Усы жылдың 12-апрель күни Хожели районында 37-санлы «Хожели» сайлаў округине босап қалған орынға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутат сайлаў өткерилиўи белгиленген. Усы мүнәсибет пенен тийисли участкалық сайлаў комиссияларының ағзалары ушын оқыў-семинары шөлкемлестирилди.

Оқыў-семинар Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының 2024-жыл 27-май күни қабыл етилген “Сайлаў комиссиялары ағзаларының билим ҳәм көнликпелерин арттырыўды шөлкемлестириў ҳаққында”ғы 1331-санлы қарарына тийкарланған болып, семинар даўамында комиссия ағзаларына сайлаўларға таярлық көриў ҳәм оларды өткериў бойынша тәртип қағыйдалар туўралы кең түрде түсиниклер берилди.

Атап айтқанда, Хожели районы ҳәкиминиң орынбасары Х.Халмуратов, ҳәкимликтиң шөлкемлестириўши-кадрлар топарының басшысы Д.Таджимуратов, Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң профессор-оқытыўшылары А.Жуманов ҳәм Е.Алламбергеновлар Өзбекстан Республикасының «Сайлаў кодекси»не муўапық, сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы норма, қағыйдалар менен комиссия ағзаларын таныстырды.

Сондай-ақ, семинарда шығып сөйлегенлер әҳмийетли сиясий илажды сайлаў нызамшылығы талаплары тийкарында жоқары дәрежеде өткериў бойынша өз пикирлерин билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.