Президент Шавкат Мирзиёев Бухараға жөнеп кетти

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Бухара қаласына жөнеп кетти.
Ертең, 11-апрель күни Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев әмелий сапар менен мәмлекетимизде болады.
Сапар етиў шеңберинде Бухарада жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер болып өтеди. Онда Өзбекстан – Қазақстан дослық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де раўажландырыў мәселелери көрип шығылады. Сиясий сөйлесиўди, парламентлераралық, ҳүкиметлераралық ҳәм аймақлараралық байланысларды беккемлеўге айрықша итибар қаратылады.

Сондай-ақ, жетекшилер товар алмасыў көлемин арттырыў, санаат кооперациясын тереңлестириў, транспорт, энергетика, суў ҳәм экология тараўларында биргеликтеги жойбарлар менен бағдарламаларды алға қойыў ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўды жеделлестириў мәселелерин додалайды.
Халықаралық ҳәм регионаллық күн тәртибиндеги мәселелер бойынша да пикир алысылады.

Биргеликте тарийхый естеликлерди зыярат етиў, санаат кәрханаларының жумысы ҳәм өнимлериниң көргизбеси менен танысыў режелестирилген.
Бүгин болса мәмлекетимиз басшысы Бухара ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм перспективалы жойбарлар менен танысады.
ӨзА