Жаңа Өзбекстан раўажланыўының руўхый тийкары уллы бабалардың мийрасынан күш-қуўат алады

Президент Шавкат Мирзиёев 9-апрель күни Саҳыпқыран Әмир Темур туўылғанының 690 жыллығы мүнәсибети менен пайтахтымыздағы Әмир Темур қыябанына барды ҳәм Темурийлер тарийхы мәмлекетлик музейиндеги реконструкция жумыслары менен танысты.
Президентимиз қыябанда белгили мәмлекетлик ғайраткер, жеңилмес сәркарда, илим, мәденият ҳәм көркем өнер қәўендери Саҳыпқыран Әмир Темур естелигине гүл қойды.
Усы күнлерде Ўатанымызда үлкен байрам, үлкен шадлық – Әмир Темур бабамыздың 690 жыллығы кеңнен белгиленип атыр. Бул қутлы сәне мүнәсибети менен мәмлекетимизде көплеген руўхый-ағартыўшылық, илимий ҳәм мәдений илажлар өткерилмекте.

Әмир Темур XIV әсирде, оғада қыйын бир дәўирде елимиз аймағында миллий мәмлекетшиликти қайта тиклеп, Ўатан азатлығы жолында үлкен мәртлик көрсеткен уллы тарийхый шахс болып есапланады. Ол тийкар салған қүдиретли салтанат дүнья цивилизациясы тарийхында өшпес из қалдырған. Саҳыпқыранның өмири ҳәм мийнет жолы дерлик жети әсирден берли дүнья илимпазлары тәрепинен үлкен қызығыўшылық пенен үйренип келинбекте. Түрли мәмлекетлерде Әмир Темур ҳәм темурийлерге бағышлап мыңлаған әдебий, илимий ҳәм көркем шығармалар жаратылғаны, бул жумыслар бүгин де даўам етип атырғаны оның тарийхый тулғасы ҳәм мийрасының қаншелли бийбаҳа екенинен дерек береди.
Халқымыз муқаддес журтымыз жеринен усындай уллы тулға жетисип шыққаны менен бәрқулла мақтанып жасайды. Әсиресе, бүгинги күнде Жаңа Өзбекстан шараятында Әмир Темур ҳәм темурийлер тарийхы және мийрасын терең үйрениў ҳәр қашанғыдан да үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Бул даңқлы династия тәрепинен жаратылған темурийлер Ренессансы елимизде жаңа Ояныў дәўириниң тийкарын жаратыўда халқымыз ушын исеним, илҳам ҳәм күш-ғайрат дереги болып хызмет етпекте.
Әмир Темурдың “Күш – әдилликте”, “Әдиллик пенен дүнья гүлшаны абат болады” деген дана нәсиятлары бүгин елимизде социаллық мәмлекет қурыўға, инсан қәдирин улығлаўға қаратылған кең көлемли реформаларда өзине тән бағдарлама ҳәм әмелий қолланба болып хызмет етпекте. Усы мәнисте, Саҳыпқыран мийрасы тек ғана халқымыздың даңқлы өтмиши емес, ал бүгинги раўажланыўымыз ҳәм келешектеги мақсетлеримиз бенен де тығыз байланыслы.

Соңғы жыллары мәмлекетимизде Әмир Темур ҳәм темурийлер мийрасын терең үйрениў, оны елимиз ҳәм халықаралық көлемде кеңнен үгит-нәсиятлаўға айрықша итибар қаратылмақта. Усы мақсетте Әмир Темурдың 690 жыллығы мүнәсибети менен айрықша қарар қабыл етилип, кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Соның ишинде, ҳәр жылы апрель айын мәмлекетимизде Әмир Темур айлығы сыпатында өткериў белгиленди. Дөретиўшилер тәрепинен жаңа илимий ҳәм көркем китаплар, фильм ҳәм спектакльлер, сүўретлеў өнери шығармалары жаратылмақта. Атап айтқанда, белгили “Темур түзиклери” шығармасы жаңадан басып шығарылды. Елимизде уллы бабамыздың аты менен аталған мәмлекетлик сыйлықлар, майдан ҳәм қыябанлар, билимлендириў ҳәм мәденият дәргайлары бар. Аймақлардағы “Темурбеклер мектеплери” болса жасларды Ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаўда өзине тән үлги болып хызмет етпекте.
Усы күнлерде пайтахтымызда Әмир Темур ҳәм темурийлер Ренессансына бағышланған абырайлы халықаралық конференция өткерилип атырғаны да бул ийгиликли жумыслар избе-из ҳәм системалы даўам етип атырғанының айқын дәлили болып есапланады. Онда елимиздиң илимпазлары менен бир қатарда дүньяның түрли мәмлекетлеринен келген белгили тарийхшылар, шайыр ҳәм жазыўшылар, мәденият ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер қатнаспақта.
Бүгин мәмлекетимизде Саҳыпқыран үгитлерине әмел етип, әдил мәмлекет қурыў, мүтәжлерге жәрдем бериў, жаслар, ҳаял-қызлар ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў, илим-ағартыўшылық ҳәм дөретиўшиликти раўажландырыў, дүньяға ашық болып, түрли мәмлекетлер менен бирге ислесиўге үлкен итибар қаратылмақта. Бул тәреплер де Әмир Темур мийрасының бүгинги турмысымыздағы әҳмийетлилигин айқын көрсетеди.
Өзлигимизди аңлаў, бай тарийхымызды тиклеў ҳәм ата-бабаларымыздың мийрасын келешек әўладқа жеткериў мақсетинде соңғы жылларда ири руўхый-ағартыўшылық орайлар қурылды. Ташкентте Ислам цивилизациясы орайы, Самарқандта Имам Бухарий комплекси қурылды. Солардың қатарында буннан 30 жыл бурын қурылған Темурийлер тарийхы мәмлекетлик музейи де заманагөй талаплар тийкарында түп-тийкарынан қайта оңланды. Енди бул орын илим ҳәм ағартыўшылық, инновациялық пикирлеў, жаңа идеялар ҳәм изертлеўлер орайына айланбақта. Бул жерде барлық зәрүр шараятлар жаратылған болып, бул дәргай ел-журтты, әсиресе, жас әўладты миллий мақтаныш ҳәм ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўға хызмет етеди.
Илаж даўамында Әмир Темур естелигине ҳүрмет көрсетилип, гүллер қойылды.
Бизге белгили, Саҳыпқыран Әмир Темур қай жерде болмасын, бағ-бақшалар жаратыўға, ҳәр бир қарыс жерди абат етиўге үлкен әҳмийет қаратқан. Мине, усы дөретиўшилик дәстүрлердиң үзликсиз даўамы сыпатында Әмир Темур қыябанында да үлкен абаданластырыў жумыслары әмелге асырылды.
Илаж жуўмағында Президент Шавкат Мирзиёев қыябанда нәл екти.

Буннан соң Президент Шавкат Мирзиёев Саҳыпқыран Әмир Темур туўылғанының 690 жыллығы мүнәсибети менен реконструкцияланған Темурийлер тарийхы мәмлекетлик музейине барды.

Бизге белгили, Мәўераннахрды бирден-бир мәмлекет сыпатында бирлестирген Саҳыпқыран пайтахты Самарқанд болған қүдиретли салтанат дүзди. Өзиниң дүньяға белгили “Темур түзиклери” арқалы мәмлекетти басқарыўдың ҳуқықый өлшемлерин белгилеп берди. Илим ҳәм мәденияттың раўажланыўына да шексиз үлес қосып, Екинши ояныў дәўири – темурийлер Ренессансына тийкар салды.
Оның дәўиринде қурылған бийбаҳа естеликлер өзбек халқының миллий мақтанышы ҳәм өлмес тарийхый мийрасы болып хызмет етпекте.
Бабамыздың “Әдиллик ҳәр бир жумыста жолдасымыз ҳәм бағдарламамыз болсын”, деп атап өткен ҳикметли сөзлери бүгин Жаңа Өзбекстанда алып барылып атырған реформаларда айқын сәўлеленбекте.
Бул уллы инсан туўылғанының 690 жыллығын кеңнен белгилеў мақсетинде усы жыл 5-февраль күни Президентимиздиң тийисли қарары қабыл етилди.

Ҳүжжетке бола, ҳәр жылы апрель айы “Әмир Темур айлығы” деп жәрияланып, билимлендириў мәкемелери, илимий орайлар ҳәм мәҳәллелерде темуртаныўшы илимпазлар, жазыўшы ҳәм көркем өнер шеберлериниң қатнасыўында ушырасыўлар, дөгерек сәўбетлери ҳәм ағартыўшылық илажлар өткериледи.
Қарардың орынланыўы шеңберинде дүньядағы белгили музейлердиң ең алдынғы тәжирийбелерин қолланған ҳалда Темурийлер тарийхы мәмлекетлик музейиниң имараты реконструкцияланды, заманагөй инвентарьлар менен тәмийинленди. Санластырыў арқалы имканиятлары кеңейтилип, экспозициялары жаңаланды, соның ишинде, сырт елдеги топламлардан сатып алынған экспонатлар менен байытылды.
Соның ишинде, музейдиң биринши қабатында “Уллы Саҳыпқыран – Екинши Ренессанс тийкарын салыўшысы” бөлими шөлкемлестирилди. Екинши қабатта болса жасалма интеллект ҳәм “ақыллы” технологиялар тийкарында Әмир Темур дәўири ҳәм темурийлер ҳаққында интерактив экспозициялар жайласқан. Сондай-ақ, 3D форматтағы экспонатлар ҳәм карталар көрсетилген.

Мәмлекетимиз басшысы Темурийлер тарийхы мәмлекетлик музейиниң жаңаланған экспозициясы ҳәм келиўшилер ушын жаратылған шараятлар менен танысып, ата-бабалардың мийрасын үйрениў, қәстерлеп сақлаў ҳәм үгит-нәсиятлаўдың қаншелли әҳмийетли екенин атап өтти.
Дүнья ҳәўес еткендей тарийхымыз, мийрасымыз бар. Саҳыпқыран тарийхын жәмлеген музей заманға сай жаңа көриниске келгени жақсы болды. Енди буны халқымызға, жасларға, сырт елли мийманларға жеткериў ең үлкен ўазыйпамыз. Жаңа Өзбекстанды раўажландырыў ушын керекли билимлерди қай жерден алыў мүмкин десеңиз, булардың барлығы – ата-бабаларымыз қалдырған мийраста, илимде. Соның ушын, жасларымызды, нураныйларды, улыўма, халқымызды мәҳәлле кесиминде музейлерге алып келип, уллы тарийхымыз ҳаққындағы билимлерин арттырыўымыз зәрүр, деди мәмлекетимиз басшысы.
Президент Шавкат Мирзиёев сапар даўамында Темурийлер тарийхы мәмлекетлик музейиниң мийманлар китабына қолтаңба қалдырды.
Абдулазиз РУСТАМОВ,
Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,
ӨзАның хабаршылары