Сох районын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар белгиленди

Президент Шавкат Мирзиёев Ферғана ўәлаятының Сох районын социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары бойынша мәжилис өткерди.
Атап өтилгениндей, бурын Сох барыў қыйын, транспорт ҳәм логистика имканиятлары шекленген, экономикалық байланыслары әззи аймақлардан бири еди. Соңғы жылларда регионаллық бирге ислесиў ҳәм беккем сиясий ерк-ықрар себепли бул аймақты комплексли раўажландырыў ушын жаңа имканиятлар жаратылды. Жоллар ашылды, шегарадан өтиў тәртиплери жеңиллестирилди, исбилерменлик ушын шараятлар жақсыланды, заманагөй бақша, мектеп, поликлиника ҳәм турақ жайлар қурылды.
Бүгинги күнде Сохтағы 25 мәҳәлледе 88,6 мың халық жасайды. Аймақта 29 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми, 33 мектеп, 2 орта арнаўлы билимлендириў мәкемеси, 14 денсаўлықты сақлаў мәкемеси ҳәм 2 мәденият объекти жумыс алып бармақта. Өткен жылдың өзинде 13 мың 921 жумыс орны жаратылды, 1 мың 667 шаңарақ кәмбағаллықтан шығарылды.
Улыўма, Сохтағы өзгерислер тек ғана инфраструктураның жаңаланыўы емес, ал аймақтың экономикалық белсендилиги артқаны, халықтың исеними беккемленгени ҳәм жаслар ушын имканиятлар кеңейгениниң әмелий көриниси болып есапланады. Бүгинги Сох әсте-ақырын регионаллық экономикалық системаға қайта қосылмақта.
Соның менен бирге, районда кәмбағаллық дәрежеси 7,9 процент, жумыссызлық 5,5 процентти қурап, бул көрсеткишлер елеге шекем республикалық орташа дәрежеден жоқары екени көрсетип өтилди.
Презентацияда жуўапкерлер усы жылы районға 40 миллион доллар инвестиция тартыў, 15 миллион долларлық экспортты тәмийинлеў режеси алынғаны ҳаққында мәлимлеме берди. Соның есабынан санаатта 9 процент, хызметлер тараўында 17,1 процент, аўыл хожалығында 7,6 процент өсиўге ерисиў нәзерде тутылған.
Мәжилисте районның туризм потенциалына айрықша итибар қаратылды.
Сохтың бийтәкирар тәбияты, таза ҳаўасы, дәрьялары ҳәм салқын климаты бул тараўды экономика драйверлеринен бирине айландырыў имканиятын беретуғыны атап өтилди. Мысалы, Сариканда, Ровон ҳәм Истиқлол мәҳәллелеринен өткен Сох дәрьясының жағаларында жаңа туризм объектлерин қурыў мүмкин. Ямаса бул жерде реабилитация, физиотерапия, дәри-дәрмақ логистикасы ҳәм медициналық билимлендириўди бир аймақта жәмлеген Медициналық хызметлер кластерин шөлкемлестириў ушын барлық шараятлар бар.
Улыўма, туризм ҳәм хызмет көрсетиў тараўында 60 миллион доллар инвестиция тартыў, дерлик 2 мың жумыс орнын жаратыў, туризм хызметлериниң көлемин 15 миллиард сумға, экспортты болса 2 миллион долларға арттырыў режелестирилгени мәлим етилди.
Ең әҳмийетли ўазыйпалардан бири сыпатында халықтың жасаўы ҳәм мийнет етиўи ушын қолайлы инфраструктура жаратыў, исбилерменликти кеңейтиў ҳәм бәнтликти тәмийинлеў мәселелери додаланды.
Ҳәр бир мәҳәлледе 10 нан, жәми 300 микрожойбар иске қосылып, 8,6 мың халық кәсип-өнерге оқытылады. Бул жойбарларға банклер тәрепинен 64 миллиард сум кредит ресурсы қаратылады, социаллық ҳәм инфраструктура объектлери ушын болса қосымша 74,5 миллиард сум ажыратылады.
Транспорт-логистика мәселелери де ҳәр тәреплеме көрип шығылды. Районның басқа аймақлар менен байланыслылығын арттырыў, шегарадан өтиўди тезлестириў ҳәм экономикалық байланысларды кеңейтиў бойынша әмелий илажлар белгиленди.
Халықтың дәраматының тийкарғы бөлеги аўыл хожалығы менен байланыслы екенин есапқа алып, бул тараўда заманагөй қатнаслар ҳәм жаңа технологияларды кеңнен енгизиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Мысалы, Қайроқ массивиндеги 425 гектар жайлаўда мийўели бағлар, Чашма мәҳәллесиндеги 60 гектар жерде шафран плантациялары, Азад ҳәм Сох хожалықларына қараслы 100 гектар майданда картошка жетистириў жойбарларын әмелге асырыў усыныс етилди. Сондай-ақ, Наўабад мәҳәллесинде балықшылықты раўажландырыў бойынша жойбар таныстырылды. Оған бола, 50 сотыхтан 30 ҳәўиз шөлкемлестирилип, ҳәр бир ҳәўизден 50 тоннадан форель балығын жетистириў мүмкин.
Соның менен бирге, Девайрон ҳәм Тул-дашт аймақлары аралығында 8 километр узынлықта өзи ағатуғын суўғарыў тармағын қурыў есабынан 500 гектар мийўели бағ ҳәм қосымша 300 гектар егислик майданын өзлестириў имканияты бар екенлиги көрсетип өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы Сох районын раўажландырыўда ең тийкарғы мақсет адамлардың турмысында сезилерли өзгерис ислеў, халықтың дәраматын арттырыў, жумыс орынларын жаратыў ҳәм аймақтың транспорт байланыслылығын және де күшейтиўден ибарат екенин атап өтти. Жуўапкерлерге район бойынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша тийисли тапсырмалар берилди.
ӨзА