Конституция – еркин, абадан турмыс ҳәм раўажланыўдың беккем тийкары

45

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында 9-апрель – Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 33 жыллық сәнесине арналған байрам салтанаты болып өтти.

Илажға Жоқарғы Кеңес депутатлары, министрликлер, мәкемелер, кәрханалар, оқыў орынлары ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары, студент-жаслар, жәмийетлик шөлкемлердиң, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Салтанатлы илаж Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери менен басланды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев жыйналғанларды Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн мүнәсибети менен қызғын қутлықлады.

Илажда атап өтилгениндей, быйыл Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенине 33 жыл толды. Конституциямыз – бул көп миллетли халқымыздың аўызбиршилигин ҳәм дослығын беккемлеўши, оларды уллы дөретиўшилик ислерге баслап бериўши тийкарғы ҳүжжет есапланады. Инсан мәпи ҳәмме нәрседен үстинлигин, оның ҳуқықларын менен еркинликлерин, миллетлераралық татыўлықты, пуқаралардың тынышлығын ҳәм абадан турмысын тәмийинлеў Конституциямызда белгилеп қойылған болып, усы тийкардағы ийгиликли ҳәрекетлер бүгинги күнде турмысымызда өз көринисин таппақта.

Елимиздиң раўажланыў басқышларына нәзер таслар екенбиз, экономикамыздың жылдан-жылға беккемленип баратырғаны, халықтың социаллық жасаў шараятының жақсыланып атырғаны Конституциямызға тийкар етип алынған, терең ҳәм пуқта ойланған ийгиликли мақсетлердиң нәтийжеси болып есапланады.

Усы жерде соны да атап өтиўимиз керек, елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында Қарақалпақстан Республикасы бойынша өз алдына қабыл етилген қарарлар, мәмлекетлик бағдарламалар турмысымызда үлкен орын ийелеп келмекте. Бүгинги күнде республикамызда усы қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар, мәмлекетлик бағдарламалар тийкарында үлкен қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары, салмақлы дөретиўшилик басламалар әмелге асырылмақта.

Өткен дәўир ишинде республикамыздың барлық тараўларында өзгерислер жүз берип, үлкен реформалар әмелге асырылды. Әлбетте, бул әмелге асырылған илажлардың ҳуқықый тийкары Конституция болып есапланады.

Байрам илажы көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги