“Әмир Темур ҳәм темурийлер цивилизациясының жәҳән тарийхы ҳәм мәдениятындағы орны ҳәм әҳмийети” атамасындағы халықаралық илимий конференция қатнасыўшыларына

411

Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!

Бәринен бурын, уллы мәмлекетлик ғайраткер, жеңилмес сәркарда, илим, мәденият ҳәм көркем өнер қәўендери Саҳыпқыран Әмир Темур ҳәм темурийлер тарийхы және мийрасын үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў сыяқлы әҳмийетли иске мүнәсип үлес қосып киятырған сиз, әзизлерди бүгинги халықаралық илимий конференцияның ашылыўы менен шын кеўлимнен қызғын қутлықлайман.

Бул әнжуманда дүньяның түрли мәмлекетлеринен келген белгили илимпазлар профессор ҳәм академиклер, абырайлы университетлер ҳәм илимий орайлардың ўәкиллери, дөретиўши зыялылар, белгили музей ҳәм китапханалардың жетекши хызметкерлери, көплеген ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасып атырғаны халқымыздың әййемги тарийхы ҳәм бай мәдениятына дүнья көлеминде қызығыўшылық ҳәм итибар барған сайын күшейип баратырғанынан дерек береди.

Конференция Әмир Темур туўылғанының 690 жыллығы елимизде кеңнен белгиленип атырған күнлерде Өзбекстанның үш мың жыллық бийтәкирар илимий-мәдений мийрас дүрданаларын өзинде жәмлеген Ислам цивилизациясы орайында болып өтип атырғаны, әсиресе, итибарға ылайық.

Бул илимий форум үлкемиз тарийхындағы уллы ҳәм жарқын басқышты қурайтуғын Екинши Ояныў дәўири – Темурийлер Ренессансының мәнисин терең талқылаў, қызғын додалаўлар өткериў, жаңа жойбарларды биргеликте әмелге асырыў ушын үлкен әҳмийетке ийе болатуғыны сөзсиз.

Әзиз дослар!

Узақ XIV әсирде, оғада қыйын бир заманда ҳәзирги Өзбекстан аймағында миллий мәмлекетшиликти қайта тиклеп, Ўатан азатлығы, журт тынышлығы ҳәм абатлығы жолында мәртлик көрсеткен уллы бабамыз Әмир Темур тийкар салған қүдиретли салтанат дүнья цивилизациясы тарийхында қандай өшпес из қалдырғаны сизлерге жақсы белгили.

Бул ҳаққында айтқанда, дүньядағы онлаған мәмлекетлердиң аймағында Әмир Темур ҳәм темурийлер дәўирине байланыслы архитектуралық естеликлер ҳәзирги күнге шекем сақланып киятырғаны, түрли регион ҳәм мәмлекетлерде бул уллы шахс ҳәм оның династиясына бағышлап көплеген көркем, илимий ҳәм сүўретлеў шығармалары жаратылғанын атап өтиў керек.

Бизге белгили, Әмир Темур ата журты Шаҳрисабзда өзи қурдырған гөззал архитектуралық естелик – Ақсарайдың порталына “Әдалат мәмлекеттиң тийкары ҳәм ҳүкимдарлар сүрени,” деген сөзлерди жаздырған еди.

Бул ҳикметли сөзлер бүгинги күнимиз ушын да үлкен әҳмийетке ийе. Себеби тынышлық ҳәм әдиллик ҳүким сүрген жерде ғана илим-ағартыўшылық, көркем өнер, әдебият ҳәм мәденият раўажланады.

Усы мәнисте, Темурийлер Ренессансы тек ғана Туран үлкеси емес, ал пүткил Шығыс дүньясының илим ҳәм мәдений раўажланыўына күшли тәсир көрсетип, жаңа руўхый раўажланыў дәўирин баслап бергени тосыннан емес.

Усы династияның белгили ўәкиллери болған Мырза Улығбек, Байсынқур Мырза, Ибрайым Султан, Султан Хусайн Мырза, Әлийшер Наўайы, Бабур Мырза ҳәм бабурийлердиң илимий ашылыўлары, жетик көркем шығармалары мине усы сийрек ушырасатуғын мәдений феноменниң өними сыпатында пайда болғанын дүнья илимпазлары кеңнен тән алады.

Жаңа Өзбекстанда Әмир Темур ҳәм темурийлер мийрасының улыўма инсаныйлық цивилизация тарийхындағы орны ҳәм әҳмийетин үйрениў, оны елимизде ҳәм сырт еллерде кеңнен ғалаба ен жайдырыў, жасларды Ўатанға муҳаббат, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў бағдарында үлкен жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, Әмир Темурдың 690 жыллығы мүнәсибети менен өз алдына қарар қабыл етилди. Усы ҳүжжетке муўапық ҳәр жылдың апрель айы мәмлекетимизде Әмир Темур айлығы деп жәрияланыўы, жергиликли ҳәм халықаралық көлемде илимий-әмелий конференциялар, руўхый-ағартыўшылық илажлар шөлкемлестирилиўи белгилеп қойылды.

Бүгинги әнжуман да әне усы жолдағы және бир әмелий қәдем болып, биз Өзбекстанның ҳақыйқый дослары болған сизлер сыяқлы мийнеткеш илимпаз ҳәм изертлеўшилер менен Темурийлер Ренессансын, улыўма, бай мийрасымызды терең үйрениў, мәмлекетимизде алып барылып атырған социаллық-руўхый реформалар менен дүнья жәмийетшилигин және де кеңнен таныстырыў бағдарындағы бирге ислесиўди избе-из даўам еттиремиз.

Әнжуман даўамында сизлер халқымыздың данышпанлығы менен жаратылған елимиздеги тарийхый-архитектуралық естеликлер, мәдений естеликлер, сийрек ушырасатуғын қолжазба ҳәм китап фондлары менен жақыннан танысып, оларды изертлеў, сақлаў ҳәм үгит-нәсиятлаў бойынша баҳалы усыныс ҳәм усынысларыңызды билдиресиз, деп исенемен.

Пурсаттан пайдаланып, бәршеңизге беккем денсаўлық, мақтанышлы жумысыңызда жаңа табыслар, конференция жумысына болса табыслар тилеймен.

 

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти