Жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў системасын жетилистириў бойынша усыныслар көрип шығылды

Президент Шавкат Мирзиёев жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў системасын және де жетилистириў бойынша усыныслар презентациясы менен танысты.
Мәмлекетимиз басшысы бүгинги қәўипли заманда елимизде жәмийетлик қәўипсизликти исенимли тәмийинлеў ең тийкарғы ўазыйпалардан бири екенин атап өтти. Усы мақсетте Ишки ислер министрлигинде Жәмийетлик қәўипсизлик департаменти шөлкемлестирилген болып, оның қурамына ҳуқықбузарлықлар профилактикасы, жәмийетлик тәртипти сақлаў, жол ҳәрекети қәўипсизлиги ҳәм пробация хызметлери бирлестирилген. Ҳәзирги ўақытта бул департамент ИИМ жеке қурамының дерлик 30 процентин қурайды.
Атап өтилгениндей, бундай үлкен ҳәм қурамалы системаны нәтийжели басқарыў ҳәм қатаң қадағалаў жаңаша көзқарасты талап етеди. Усы мүнәсибет пенен презентацияда тараўда заманагөй басқарыў ҳәм санлы қадағалаў механизмлерин енгизиў, нәтийжелилик көрсеткишлерин “Жазалаўшы системадан – халыққа хызмет көрсетиўши системаға” принципи тийкарында қайта ислеп шығыў бойынша усыныслар додаланды.

Мәҳәллелерде профилактика жумысларын шөлкемлестириў жағдайына айрықша итибар қаратылды. Бүгинги күнде республикамыздағы дерлик 9 мың мәҳәлледе 10 мыңнан аслам профилактика инспекторы хызмет көрсетип келмекте. Өткен жылы олар халықтан келип түскен 2,5 миллионнан аслам арзаны көрип шығып, 470 мыңнан аслам жағдай бойынша материаллар судқа жиберилген. Соның менен бирге, профилактика инспекторларының жумысы үстинен артықша басқарыў буўынларының көбейип кеткени ақыбетинде мәҳәлле қәўипсизлиги ҳәм жынаятшылық профилактикасына жетерли итибар қаратылмай атырғаны атап өтилди.
Усы мүнәсибет пенен профилактика инспекторларын артықша ўазыйпалардан азат етип, оларды тиккелей өзине жүкленген жумысқа – мәҳәлледе қәўипсизликти тәмийинлеў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм халықтың машқалалары менен мәнзилли ислесиўге толық бағдарланған система жаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Соның ишинде, күнделикли онлайн инструктаж өткериў, “Мениң инспекторым” электрон системасы арқалы хызметти шөлкемлестириў, суд-медициналық экспертиза мәкемелери менен электрон мағлыўмат алмасыўды енгизиў, профилактика инспекторларын жумыстан ажыратпаған ҳалда онлайн оқытыў ҳәм маманлығын арттырыў, мәҳәлледе қәўипсизликти тәмийинлеўге жәрдемлесетуғын “жәмийетлик жәрдемшиси” топарларының жумысын жолға қойыў усыныс етилди.
Инспекторларға айырым ҳуқықбузарлықлар бойынша қарар қабыл етиў ўәкиллигин бериў, 6 кем әҳмийетли қылмыс бойынша ҳәкимшилик ескертиў системасын енгизиў усыныс етилди.

Бул арқалы инспектордың мәҳәлледен шықпастан жумыс алып барыўы, нәтийжелилиги артыўы ҳәм көбирек халық пенен тығыз ислесиў имканияты жаратылатуғыны атап өтилди.
Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бойынша үзликсиз ислесиў системасын жолға қойыў, бул ушын профилактика инспекторлары, мектеплердеги инспектор-психологлар ҳәм мәҳәллелердеги ҳаял-қызлар мәселелери бойынша инспекторларды мәҳәлле дәрежесинде өз-ара байланыстыратуғын, жаслар, ҳаял-қызлар ҳәм шаңарақ машқалаларының ерте алдын алыўға хызмет ететуғын бир пүтин система жаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Олар реал ўақыт режиминде мәлимлеме алмасыўы ҳәм бирден-бир мағлыўматлар базасынан пайдаланыўы ушын профилактикалық мәлимлеме системасы енгизиледи.
Кадрлар таярлаў мәселесине де айрықша итибар қаратылды. Жәмийетлик қәўипсизлик хызметкерлерин таярлаў системасы әмелият пенен тығыз байланысқан мәнзилли дуал билимлендириў тийкарында қайта көрип шығылып атырғаны атап өтилди. Атап айтқанда, Ишки ислер министрлиги академиясы ҳәм Жәмийетлик қәўипсизлик университети арасында профилактика инспекторлары, пробация инспекторлары, патруль-пост, жол-патруль ҳәм қорғаў хызмети қәнигелерин мақсетли таярлаў бойынша жаңа система усыныс етилди. Онда теория ҳәм әмелият үйлестирилип, оқыўдың биринши курсында 80/20, екинши курсында 60/40 ҳәм үшинши курсында болса 50/50 қатнасында шөлкемлестириледи.

Билимлендириў процесинде социаллық профилактиканы әмелге асырыў, процессуал ҳәрекетлер, стандарт емес жағдайларда дурыс қарар қабыл етиў, жаўынгерлик таярлық, психологиялық шыдамлылық, қатнас мәденияты, қатардағы бөлимлерди басқарыў сыяқлы әмелий компетенциялар қәлиплестириледи.
Тыңлаўшы ҳәм студентлер стажёр лаўазымына тайынланады, еркин жумыс жүргизиў ҳәм қарар қабыл етиў ўәкиллигине ийе болып, тренердиң қадағалаўы ҳәм жуўапкершилиги астында ис жүргизеди. Питкериўден кейинги 5 жыл даўамында мониторинг етилип, қәнигелиги турақлы арттырып барылады.
Президентимиз усынысларды мақуллап, жәмийетлик қәўипсизликти исенимли тәмийинлеў, мәҳәллелерде ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, пуқаралардың мүрәжатларына жедел жуўап бериў ҳәм хызметкерлердиң жумыс нәтийжелилигин арттырыў бойынша анық шешимлер ислеп шығыў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.
ӨзА