Ташкент ўәлаятында реформалар нәтийжелилиги ҳәм тийкарғы ўазыйпалар додаланды

Президент Шавкат Мирзиёев 8-апрель күни Ташкент ўәлаятында әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилиги ҳәм келешектеги әҳмийетли ўазыйпалар бойынша мәжилис өткерди.
Мәмлекетимиз басшысы Ташкент ўәлаяты пайтахтқа жақын жайласқаны ушын аймақ халқы жумыс орынлары, дәрамат ҳәм турмыс шараяты да Ташкент қаласы дәрежесинде болыўын күтетуғынын атап өтти. Сонлықтан, ўәлаят исбилерменлик ҳәм бизнес орталығын жақсылаў, санаат, хызмет көрсетиў ҳәм аўыл хожалығын раўажландырыў бағдарында үлги болыўы керек екенлиги көрсетип өтилди.
Соңғы жылларда аймақта кең көлемли жумыслар әмелге асырылды. Атап айтқанда, 2024-2025-жылларда ўәлаят ушын 23 қарар қабыл етилип, олардың шеңберинде бюджет, банк кредитлери ҳәм сырт ел инвестициялары есабынан ири ресурслар қаратылды. Усы дәўирде 14 жаңа санаат зонасы шөлкемлестирилди, 115 инвестициялық жойбар әмелге асырылды, 237 жаңа экспортёрлар пайда болды ҳәм 300 мыңнан аслам жаңа жумыс орны жаратылды.

Өткен бир жыл ишинде Паркент, Оҳангарон ҳәм Алмалықта электротехника, металлургия, фармацевтика, тоқымашылық, машина қурылысы ҳәм таў-кән тараўларында ири жойбарлар иске қосылды. Пайтахт экологиясына унамсыз тәсир етип атырған 87 кәрхана ҳәм жаңа санаат жойбарларын Ташкент ўәлаятына көшириў жумыслары басланды, ҳәзирге шекем 15 тен аслам тоқымашылық кәрханасы көшип келди ҳәм 4700 пуқара өз жасаў орнында жумыслы болды.
Улыўма, 2025-жылы ўәлаяттың жалпы аймақлық өними көлеми 7,1 процентке, санаат өнимлерин ислеп шығарыў 6,6 процентке, аўыл хожалығы 4,2 процентке, хызметлер тараўы 15,2 процентке, қурылыста жумысты бөлип алып ислеў жумыслары көлеми 9,8 процентке өсти.
2026-жылы ўәлаят экономикасын 9,1 процентке, санаатты 8,8 процентке, хызметлерди 17,2 процентке, қурылыс жумысларын 15 процентке ҳәм аўыл хожалығын 6,6 процентке арттырыў режелестирилген. Оның ушын 6,2 миллиард доллар инвестиция тартыў ҳәм 2,8 миллиард доллар экспортты тәмийинлеў мөлшерленген.

Буннан былай районлардың потенциалын жасалма интеллект жәрдеминде таллап, санаат, инвестиция ҳәм экспорт бойынша жаңа имканиятларды анықлаў зәрүр екенлиги атап өтилди. Бул жумыслардың нәтийжесин және де арттырыў ушын ўәлаятта Санлы раўажланыў – жасалма интеллект орайын ашыў усынысы қоллап-қуўатланды.
Ўәлаятта санаатты басқарыў бойынша жаңа система енгизилип атырғаны, ҳәкимниң санаат мәселелери бойынша орынбасарына инвестиция ҳәм экспортты көбейтиў, таяр ҳәм ярым таяр өнимлердиң үлесин арттырыў бойынша анық нәтийжелилик көрсеткишлери белгилениўи мәлим етилди.
Усы жылы 883 мәҳәллени кәмбағаллық ҳәм жумыссызлықтан жырақ аймаққа айландырыў, 84,7 мың халықты турақлы жумысқа жайластырыў, 37 мың рәсмий емес жумыс орнын легалластырыў ҳәм 13,3 мың жумыссыз пуқараны кәсипке оқытыў ўазыйпасы қойылды.
Санааттағы қосымша өсиў дереклери сыпатында бир қатар жаңа жойбарлар көрсетип өтилди. Соның ишинде, Ангрен қаласында керамика ҳәм керамогранит плитка ислеп шығарыў, Янгийўл районында “Тынышлық” киши санаат зонасы, Паркент районында “Parkent Pharm” еркин экономикалық зонасы, Орта Шыршық районында мебель соғыўға қәнигелескен кластер, замаррық жетистириў ҳәм мазалы мәкке ислеп шығарыў, Янгийўлда түркиялы инвестор қатнасыўында балықшылық комплекси, Нурафшон қаласында тоқымашылық ҳәм трикотаж өнимлерин ислеп шығарыў жойбарлары әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.

Мәжилисте аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги мәселелерине де айрықша тоқтап өтилди.
Атап өтилгениндей, шарўа ҳәм қус гөшин жетистириў көлеми елеге шекем пайтахт ҳәм ўәлаяттың мүтәжликлерин тәмийинлеў ушын жетерли емес. Сонлықтан, Оҳангарон районында шарўашылықты раўажландырыў ҳәм от-жем базасын кеңейтиў бойынша айрықша бағдарлама әмелге асырылады.
Бул жерде Қой ҳәм ешки жетистириў илимий-өндирислик орайын шөлкемлестирип, 50 мың бас нәсилли қой ҳәм ешки алып келиў режелестирилген. Оҳангарон тоғай хожалығы балансындағы тоғай менен қапланбаған 60 мың гектар жайлаўды аукцион арқалы ажыратыў механизми енгизиледи.
Улыўма, 2026-жылы 2,1 триллион сумлық 78 шарўашылық жойбары әмелге асырылып, 496 жаңа жумыс орны жаратылады. Сондай-ақ, 35 мың гектарда суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў, жаңа жерлерди өзлестириў, бағ ҳәм жүзимзарлар қурыў режелестирилген.
Қусшылықты раўажландырыў бойынша Оққўрғон ҳәм Оҳангарон районларында жылына 30 мың тонна қус гөшин жетистириў қуўатлылығына ийе, баҳасы 45 миллион долларлық жойбарлар әмелге асырылады. Атап өтилгениндей, пияз ҳәм чесноктан гектарынан алынатуғын дәрамат ғәлледен бир неше он есеге жоқары. Соның ушын Аҳангаранда ғәлле майданларын жоқары дәраматлы егинлерге басқышпа-басқыш өткериў усынысы мақулланды.
Қысқа ўақыт ишинде Бостанлықтағы “Амирсай” қысқы курорт комплекси ҳәм “Белдерсой ресорт” орны халықаралық дәрежедеги туризм орайларына айланғаны атап өтилди. Енди усындай жойбарларды Паркент, Ғазалкент, Оҳангарон ҳәм Ангренниң таўлы аймақларында да әмелге асырыў мүмкин екенлиги көрсетип өтилди. Мәселен, Паркентте “Алтын бел” шыңы ҳәм оған тутас аймақта мийманхана, “шале” усылындағы жайлар, дем алыў ҳәм кеўилашар комплекслерди өз ишине алған таў-шаңғы курорт зонасы, Оҳангарон районында болса “Мовий тоғлар” дем алыў орталығы негизинде заманагөй туризм комплекси шөлкемлестириледи.
Сондай-ақ, Ангрен қаласының Лашкарак ҳәм Янгиобод аймақларында “туризм аўыллары”, Бекабад районында экологиялық ҳәм аңшылық туризми, Паркент районында “Гүмис” туристлик комплекси және Паркентсайда шаңарақлық дем алыў орынлары ҳәм мийман үйлери шөлкемлестириў режелестирилген. Жайластырыў қуралларының қуўатлылығын 35,5 мың орынға жеткериў нәзерде тутылған.
Усы жумыслардың есабынан ўәлаятта туризм экспортын 600 миллион долларға, сырт ел ҳәм жергиликли туристлердиң санын 16,5 миллионға жеткериў ўазыйпасы қойылды.
Мәжилисте ўәлаяттың “аўыр” категориядағы ҳәм “Жаңа Өзбекстан келбетиндеги” район, қала ҳәм мәҳәллелердеги 231 жойбарға 956 миллиард сум ажыратылғаны атап өтилди. Мәҳәллелерде турақ жай, электр, суў, канализация ҳәм жолларды жақсылаў жумысларын жеделлестириў ўазыйпасы қойылды.
Атап айтқанда, ишимлик суўы бармаған 39 мәҳәлле орайласқан ишимлик суўы менен толық тәмийинленеди, және 81 мәҳәлледеги 166,7 километр жарамсыз суў тармағы реконструкцияланады. Сондай-ақ, 145 мәҳәлледеги 121 ескирген трансформатор жаңаланып, 443,6 километр электр тармақлары алмастырылады.
Мәжилисте ири социаллық ҳәм инновациялық жойбарлар да көрип шығылды. Соның ишинде, Жоқары Шыршық районында 400 гектар майданда баҳасы 5 миллиард доллар болған “Tashkent Medical Smart City” халықаралық инновациялық медицина қалашасын қурыў режеси додаланды. Соның менен бирге, Нурафшон қаласында 35,4 миллион долларлық Келешек технологиялары орайын шөлкемлестириў, 100 ден аслам сырт ел IТ компаниясын тартыў ҳәм хызметлер экспортын жылына 20 миллион долларға жеткериў, 670 орынлық көп тармақлы медицина кластери, социаллық мәкемелер орайы, ўәлаят мәмлекетлик архивиниң имараты сыяқлы жойбарлар додаланды.
Буннан тысқары, халықтың мүрәжатлары менен ислесиў, жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў, “жасыл экономика” ҳәм жасларға байланыслы сиясат бағдарында алып барылып атырған жумыслар ҳәм келешектеги режелер көрип шығылды.
Мәжилис жуўмағында Президентимиз жуўапкерлерге ўәлаяттың реформалар штабы менен биргеликте бар потенциалдан толық пайдаланып, жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықтың дәраматларын арттырыў ҳәм турмыс шараятын жақсылаўға қаратылған ҳәр бир бағдарлама ҳәм жойбардың анық нәтийже бериўин тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берди. Ташкент ўәлаятын кәмбағаллық ҳәм жумыссызлықтан жырақ аймаққа айландырып, басқа аймақлар ушын үлги сыпатында жуўапкерлердиң жумысының ең әҳмийетли ўазыйпасы болыўы белгиленди.
ӨзА