Сенаттың он төртинши жалпы мәжилиси даўам етпекте

113

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он төртинши жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирмекте.

Онда Сенат ҳәм Ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнаспақта.

Күни кеше басланған жалпы мәжилис биринши жумыс күнинде “Қала қурылысы реновациясы ҳаққында”, “Автомобиль жоллары ҳаққында”, “Риэлторлық жумыс ҳаққында”, “Суд-экспертиза жумысы ҳаққында”, “Мәмлекетлик уйымның ямаса оның лаўазымлы шахстың нызамсыз қарары, ҳәрекети ямаса ҳәрекетсизлиги себепли жеткерилген зыянды қаплаў ҳаққында”,  “Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбияттан пайдаланыў тараўындағы ҳуқықбузарлықлар ислегенлик ушын жуўапкершилик күшейтилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”, “Қорғаў жумысы жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызамлар мақулланды.

Бүгин мәжилисте төлем системасы операторлары ҳәм төлем шөлкемлериниң жумысын жетилистириў, пуқаралардың мийнет ҳуқықларының кепилликлерин күшейтиўге қаратылған нызамлар додаланады.

Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети менен Иордания Хашимийлер Патшалығы Ҳүкимети арасындағы экстрадация ҳаққындағы келисимди ратификациялаў мәселеси көрип шығылады.

Жалпы мәжилис шеңберинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкилиниң (Омбудсман) 2025-жылдағы жумысы ҳаққындағы баянаты тыңланады.

Сондай-ақ, Омбудсманды сайлаў ҳәм Өзбекстан Республикасының Бирлескен Араб Әмирликлериндеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшисин тайынлаў ҳәм басқа да мәселелер күн тәртибинен орын алған.

Н.Абдураимова, ӨзА