Денетәрбия ҳәм спорт тараўындағы әҳмийетли ўазыйпалар белгиленди

50

 

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында денетәрбия ҳәм спорт тараўын жаңа басқышқа алып шығыў, халықты ғалабалық спортқа кеңнен тартыў, селекция ҳәм таярлық системасын жетилистириў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтти.

Мәжилис алдында мәмлекетимиз басшысы спорт тек ғана жарыс емес, ал саламат турмыс тәризи, тәртип, ўатансүйиўшилик ҳәм мәмлекеттиң абырайын көрсететуғын үлкен күш екенин атап өтти.

Атап өтилгениндей, соңғы тоғыз жылда 1,5 мыңнан аслам мәҳәлледе 1 мың 774 заманагөй спорт майданшасы қурылды. Аймақларда 200 ден аслам ири спорт объекти, 4 мыңға шамалас жеке меншик спорт клубы жумыс баслады. Спорт пенен профессионал шуғылланатуғын жаслардың саны 2 есеге, олимпиада сайланды командаларының спортшылары 2 есеге, паралимпия бойынша болса 3 есеге көбейди.

Тек ғана өткен жылы спортшыларымыз халықаралық жарысларда 452 алтын, 418 гүмис ҳәм 501 қола медалын қолға киргизди. Олардың 50 ден асламы жәҳән ҳәм Азия рекордларын жаңалады.

Мәжилисте тараўда ерисилип атырған жетискенликлер менен бирге бар машқала ҳәм кемшиликлер де терең талланды.

Бүгин олимпиада спорт түрлери бойынша жумыс алып барып атырған 26 федерация басшылары ҳәм ҳәкимлер орынлардағы бар имканиятларды толық иске қоспағаны сынға алынды. Атап айтқанда, 207 жоқары оқыў орны, 15 олимпиада ҳәм паралимпия орайы, 310 спорт мектеби, 16 спорт интернатының имканиятларынан нәтийжели пайдаланылса, чемпион таярлаў ҳәм жарысларға лицензия алыў бағдарындағы нәтийжелер және де жоқары болыўы мүмкин екенлиги көрсетип өтилди.

Бул бағдарда унамлы тәжирийбелер де атап өтилди. Мәселен, Зарбдор районында өткен жылы 23 мәҳәлледеги 34 мың жас ғалабалық спортқа тартылған. Районда 3 жаңа спорт залы қурылып, стол тенниси, таэквондо ҳәм волейболға қәнигелескен. Исбилерменлер менен биргеликте 2 жабық футбол майданы ҳәм фитнес клуб шөлкемлестирилген. Нәтийжеде Зарбдор районы биринши мәрте волейбол ҳәм стол тенниси бойынша быйылғы Өзбекстан чемпионатын өткереди.

Жуўапкерлерге Зарбдор тәжирийбесин үйренип, оны барлық аймақларда енгизиў тапсырылды.

Айырым мектеплерде дөгереклер тек ғана атына шөлкемлестирилгенлиги, сол себепли оларға тек ғана 3-4 бала қатнасып киятырғаны көрсетип өтилди. Соның ишинде, өткен жылы Жиззақ, Қашқадәрья ҳәм Ферғанадағы мектеп оқыўшыларының төрттен бири физикалық таярлық бойынша минимал талапты да орынлай алмаған.

Ҳәкимлер алдына ҳәр бир мектепте спорт дөгереклери ушын зәрүр шараят жаратыў, қамтып алыўды арттырыў ҳәм балаларды спортқа кеңнен тартыў ўазыйпасы қойылды.

Бүгин айырым қәнигелескен спорт мектеплериниң нәтийжеси әпиўайы спорт мектеплеринен парықланбай қалған. Мәселен, Термиз қаласындағы 4 қәнигелескен мектептиң нәтийжеси Жарқўрғандағы бир спорт мектеби сыяқлы емес. Жарқўрғон спорт мектеби өткен жылы Азия ҳәм жәҳән чемпионатларында 6 сыйлы орын алған болса, ўәлаяттағы 4 қәнигелескен мектепте жәми тек ғана 1 медаль бар.

Усы мүнәсибет пенен ҳәр бир қәнигелескен спорт мектебиниң директоры, жәмәәти ҳәм тренерлериниң жумыс усылын өзгертиў, өсиў ноқатларын анық белгилеў, олардың айлық мийнет ҳақысын тәрбияланыўшылардың нәтийжесине байланыстырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Соның менен бирге, жоқары нәтийжеге ерискен спорт мектеплерин әмелдеги хошаметлеўден тысқары және 500 миллион сумнан өз алдына сыйлықлаў системасы енгизиледи.

Жоқары билимлендириў мәкемелеринде спортты раўажландырыў жумыслары да сын көзқарастан көрип шығылды. Федерациялар менен бирге ислесиў, қәбилетли студентлерге индивидуал тренер бириктириў жумыслары жетерли емеслиги атап өтилди. Жиззақ политехника институты, Ташкент медицина университетиниң Термиз филиалы, Қаршы мәмлекетлик техника университети ҳәм Бухара мәмлекетлик университетинде студентлердиң 70 проценти физикалық нормативлерди тапсыра алмаған. Бул болса усы жоқары оқыў орынларында спорт клублары жетерли дәрежеде ислемей атырғанын билдиреди.

Усы мүнәсибет пенен 207 жоқары оқыў орны ректорларына Термиз мәмлекетлик университетиниң бул бағдардағы унамлы тәжирийбесин үйрениў, спортты раўажландырыў бойынша бир жыллық анық реже ислеп шығыў тапсырылды.

Мәжилисте айрықша спорт түрлери кесиминде де нәтийжелер ҳәм машқалалар талланды. Атап айтқанда, оқ атыў базасында зәрүр шараятлар жаратылғаны себепли бул спорт түринде сезилерли нәтийжелерге ерисилмекте. Футбол, спорт гүреслери, велоспорт, жеңил атлетика ҳәм жүзиўде де унамлы илгерилеўлер бар екенлиги атап өтилди.

Соның менен бирге, Жиззақтағы 6 қылышласыў базасында шуғылланыўшылардың саны 100 ге де жетпейтуғыны, батут ҳәм акробатика бойынша потенциалдан толық пайдаланылмай атырғаны, теннис ҳәм ат спортында нәтийжелер жетерли емеслиги сынға алынды.

Бүгинги күнде спортшыларды жарақатлардан тиклеў, булшық ет жағдайын тексериў ҳәм функционаллық анализ жумыслары тийкарынан сырт елде әмелге асырылып атырғаны, федерациялар спорт шыпакери, фармаколог ҳәм диетологларды сырттан тартыўға мәжбүр болып атырғаны атап өтилди.

Енди ҳәр бир қәнигелескен медицина орайы тийисли спорт федерациялары менен бирге ислеседи. Олар ҳәр айда сайланды команда ағзаларының денсаўлығын диагностикалап, жарақат алыў қәўпин баҳалайды, физикалық жүклемени илимий таллап, тренерлерге медициналық усыныслар береди.

Мәмлекетимиз басшысы тараўдағы реформаларды жаңа басқышқа алып шығыўға қаратылған бир қатар басламаларды да алға қойды.

Енди мәҳәлледе ғалабалық спорт нәтийжелилиги тек ғана қамтып алыў менен емес, ал халықтың саламатлық көрсеткишлери бойынша да баҳаланады. Ҳәр бир ўәлаятта биреўден районда “денсаўлық балансы” қәлиплестириледи. Спорт пенен белсене шуғылланатуғын халық арасынан “саламат турмыс волонтёрлары” корпусы шөлкемлестириледи. Олар мәҳәллелерде спорт ҳәм саламат турмыс принциплерин үгит-нәсиятлайды.

Ҳәр бир районда усы системада ең үлгили болған 10 мәҳәллеге бийпул спорт формасы ҳәм үскенелери берип барылады. Қайсы мәҳәлледе спортқа қамтып алыў көбейсе, халықтың саламатлығы жақсыланса, жүрек-қан тамыр ҳәм диабет кеселликлери азайса, жылдың жуўмағы менен волонтёр ҳәм мәҳәлле басшысына 15 миллион сумға шекем сыйлық бериледи. Усы мәҳәлледе ғалабалық спортқа жуўапкер тренерге болса 200 процентке шекем айлық үстеме төленеди.

Дүньяда арнаўлы үскене ҳәм үлкен инфраструктураны талап етпейтуғын интенсив шынығыўлар, соның ишинде, кросс-фит ғалаба енип атырғаны атап өтилди. Соның ушын, 1-майға шекем барлық мектеп ҳәм техникумларда бул бойынша дөгереклер шөлкемлестириў тапсырылды. Келеси жылдан кросс-фит “Бес баслама” системасына киргизиледи.

Мәжилисте мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде де спортты ғалаба ен жайдырыў бойынша жаңа тәртип белгиленди. Енди ҳәр бир министр, тармақ ҳәм банк басшысы, ўәлаят ҳәм район ҳәкими өз хызметкерлериниң спорт пенен шуғылланыўы ушын үлги болыўы ҳәм шараятларды кеңейтиўи шәрт.

Усы мақсетте ҳәптениң бир күни спорт күни сыпатында белгиленеди. Бул күни министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлерде спорт шынығыўлары өткериледи. Усы жылдан баслап ҳәр жылы министрликлер, тармақлар, банклер ҳәм ҳәкимликлер арасында республикалық бириншиликлер өткериледи.

Жеке меншик сектор мийнет жәмәәтлеринде де ғалабалық спортты раўажландырыў ушын қосымша имканиятлар жаратылады. Соның ишинде, исбилерменлер өз жумысшы-хызметкерлери ушын спорт залын ҳәм майданшасын қурыў және үскенелеўге қәрежетлерин пайда салығы базасынан шегирип таслаўы мүмкин. Тартылған тренерлер ушын дәрамат салығы ҳәм социаллық салық 1 процент муғдарында белгиленеди.

Мәжилисте халықты спортқа тартыў ҳәм селекция жумысларында “мәҳәлле – мектеп – спорт мәкемеси – федерация” шынжыры тийкарында пүткиллей жаңа қатнас енгизилетуғыны мәлим етилди.

Енди жоқары оқыў орны ректоры, федерация басшысы ҳәм ҳәким арасында үш тәреплеме шәртнама дүзиледи. Оған бола, ҳәкимлер аймақтағы мектеп, техникум ҳәм басқа да спорт объектлеринде сабақтан тыс ўақытта спорт дөгереклерин шөлкемлестириў ушын шараят жаратады.

Сондай-ақ, спорт бағдарындағы жоқары оқыў орынларының студентлерин дуал билимлендириў менен қамтып алып, оларды тренерлик етиў ушын дөгереклерге жибериў зәрүр екенлиги атап өтилди. Бундай студентлерге автоматикалық түрде менторлық сертификаты бериледи. Дөгереклерден түскен дәраматтың 50 проценти устаз-студенттиң ықтыярында қалады. Дуал билимлендириў питкериўшилерине диплом менен бирге төреши сертификаты да бериледи.

Мәжилисте усы жылы жаңа система арқалы турақлы спорт пенен шуғылланатуғынлардың санын 2 есеге арттырып, 1 миллионға жеткериў ўазыйпасы қойылды.

Жуўапкерлерге жасалма интеллект жәрдеминде спортшы ҳәм тренерлердиң нәтийжелерин таллаў, шынығыў режесин дүзиў имканиятын беретуғын бирден-бир платформа жаратыў тапсырылды.

Спорт тараўындағы илимий жумыслар болса буннан былай тек ғана әҳмийетли машқалалардың шешимине қаратылған болыўы, нәтийжеси тиккелей әмелиятқа енгизилиўи шәрт екенлиги көрсетип өтилди. Егер илимпазлардың илимий жумысы нәтийже берип, спортшылардың жетискенликлери ҳәм халықаралық жарыслардағы медальлары көбейсе, бундай илимпазлар 100 миллион сумнан сыйлықланады.

Олимпия ҳәм паралимпия ҳәрекетин раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды. Усы жылдан Президент олимпиадасы шеңберинде жарыс өткерилетуғын спорт түрлери 2 есеге көбейтилип, 21 ге жеткериледи. Енди бул жарыслар параспорт бойынша да шөлкемлестириледи. Ҳәр бир район ҳәм ўәлаят ҳәкими өз аймағында Ҳәким олимпиадасын өткереди. Олардың жеңимпазлары Президент олимпиадасына жоллама алады.

Адаптив спорт түрлери бойынша кадрларды таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў системасы да түп-тийкарынан жаңаланады. Герцен атындағы Россия мәмлекетлик педагогикалық университетиниң Ташкент филиалы инклюзив спорт бойынша таяныш жоқары оқыў орнына айланады.

Президентимиз параспортшыларымыз ерисип атырған нәтийжелерде оларға күни-түни жолдас болып атырған пидайы инсанлардың үлеси үлкен екенин атап өтти. Енди оқыў-шынығыўлар, республикалық ҳәм халықаралық жарысларда параспортшыны ертип барған шахслардың транспорт ҳәм жасаў қәрежетлери қаплап бериледи. Оларға ҳәр айда спорт мектеби тренерлериниң айлығына тең муғдарда мийнет ҳақы төленеди.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстанда спорт инсан саламатлығы ҳәм жоқары нәтийжелер гиреўи болыўы менен бирге дәрамат келтиретуғын тараўға да айланыўы зәрүр екенлигин атап өтти.

Усы көзқарастан, футбол бойынша миллий чемпионат ойынларын шөлкемлестириў мәселелери де көрип шығылды. Айырым ойынлар жумыс ўақтында өткерилип атырғанлығы себепли ықласбентлердиң келиўи күтилген дәрежеде емес екенлиги айтылды.

Ойынлар ўақтын дем алыс күнлери ямаса жумыс күнлери кешки саат 19:00 ден кейин белгилеў, стадионлар әтирапында қосымша хызметлер, музыкалық ҳәм кеўилашар илажларды шөлкемлестириў, ықласбентлер ушын қолайлы транспорт қатнаўын жолға қойыў, арзан футбол турпакетлерин усыныс етиў арқалы стадионларға ықласбентлердиң келиўин кескин арттырыў бойынша бағдарлама ислеп шығыў ўазыйпасы берилди.

Мәжилисте орынлардағы спорт инфраструктурасының жағдайы да көрип шығылды. Атап өтилгениндей, аймақларда 39 ашық ҳәм жабық спорт объекти оңлаўға мүтәж жағдайда болғанлығы себепли толық пайдаланылмай атыр. Жуўапкерлерге бундай объектлерди заманагөй спорт комплекслерине айландырыў ушын қолайлы шәртлерде жеке меншик шерикликке бериў бойынша қарар жойбарын ислеп шығыў тапсырылды.

Спорт мектеплеринде жаслар қызығатуғын олимпия спорт түрлерине кирмейтуғын спорт түрлери бойынша да секциялар шөлкемлестириў, Өзбекстан олимпия емес спорт түрлери конфедерациясын дүзиў усынысы мақулланды.

Мәжилис даўамында мәмлекетимиз басшысы тараў басшылары ҳәм ҳәкимлердиң есабатларын тыңлады, исбилермен ҳәм спортшылар менен сөйлести.

ӨзА