Спорт саламат турмыс тәризи, тәртип, ўатансүйиўшилик ҳәм мәмлекеттиң абырайын көрсететуғын үлкен күш – Президент

78

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында денетәрбия ҳәм спорт тараўындағы келешектеги әҳмийетли ўазыйпаларға бағышланған видеоселектор мәжилиси басланды.

– Спорт бул тек ғана жарыс емес, ал саламат турмыс тәризи, тәртип, ўатансүйиўшилик ҳәм мәмлекеттиң абырайын көрсететуғын үлкен күш, – деди мәмлекетимиз басшысы мәжилис алдында.

Соңғы тоғыз жылда 1,5 мыңнан аслам мәҳәлледе 1 мың 774 заманагөй спорт майданшасы қурылғаны, орынларда 200 ден аслам ири спорт объектлери, 4 мыңға шамалас жеке меншик спорт клублары жумыс баслағаны атап өтилди. Спорт пенен профессионал тәризде шуғылланатуғын жаслардың саны 2 есеге артты, олимпиада сайланды командаларымыз спортшылары 2 есеге, паралимпиада бойынша 3 есеге көбейди.

Тек ғана өткен жылдың өзинде спортшыларымыз халықаралық ареналарда 452 алтын, 418 гүмис ҳәм 501 қола медалының ийеси болғаны, олардың 50 ден асламы жәҳән ҳәм Азия рекордларын жаңалағаны бәршемизди қуўандырады.

ӨзА