Өзбекстан Президенти Россия менен парламентлераралық бирге ислесиўди және де раўажландырыўды қоллап-қуўатлады

7-апрель күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Россия Федерациясы Федерал Мәжилиси Федерация Кеңесиниң Баслығы Валентина Матвиенко менен телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.
Сөйлесиў алдынан мәмлекетимиз басшысы Валентина Матвиенконы туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм үлкен табыслар тиледи.
Өзбекстан менен Россия арасындағы кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын беккемлеўге еки мәмлекет парламентлери белсене үлес қосып атырғаны айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Парламентлер жоқары палаталарының бирге ислесиўи бойынша комиссияның мәжилислери ҳәр жылы өткерилип келинбекте. ҒМДА Парламентлераралық ассамблеясы шеңбериндеги байланыслар да нәтийжели жолға қойылған.
Сөйлесиў жуўмағында Өзбекстан жетекшиси еки мәмлекет парламентлери арасындағы тығыз ҳәм нәтийжели бирге ислесиўди раўажландырыўды қоллап-қуўатлайтуғынын және бир мәрте тастыйықлады.