Мүддетли әскерий хызметти өтеп атырған жасларды қоллап-қуўатлаў буннан былай да кеңейтиледи

Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқарғы Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёев елимиздиң қорғаныў қәбилетин беккемлеў ҳәм әскерий хызметкерлерди қоллап-қуўатлаў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.
Бүгинги күнде елимизде жаслар мәселеси мәмлекетлик сиясаттың ең әҳмийетли бағдарларынан бири болып, олардың заманагөй билим ҳәм кәсип-өнер ийелеўин және бәнтлигин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша избе-из реформалар алып барылмақта.
Атап айтқанда, усы жылдың 13-январь күни өткерилген Қәўипсизлик кеңесиниң кеңейтилген мәжилисинде әскерий хызметтиң абырайын және де арттырыў ҳәм жаслардың жәмийетте мүнәсип орын табыўына жәрдемлесиў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп берилген еди.

Бул бағдардағы реформалардың логикалық даўамы сыпатында бүгин мүддетли әскерий хызметке шақырылған жасларды кәсипке үйретиў ҳәм сапалы билим алыўы ушын шараят жаратыў және армияда китапқумарлықты ғалаба ен жайдырыў бойынша ислеп шығылған усыныслар көрип шығылды.
Соның ишинде, 2026-2027-оқыў жылынан баслап мүддетли әскерий хызметке шақырылған жасларға бир қатар жеңилликлер ҳәм кепилликлер берилиўи нәзерде тутылмақта.
Енди мүддетли әскерий хызметкерлер ушын әскерий хызмет дәўиринде жоқары оқыў орынларына оқыўға кирип, аралықтан билим алыў имканияты жаратылмақта. Бул процессте әскерлер ушын билимлендириў шөлкемлери менен биргеликте әскерий бөлимлерде абитуриентлерди таярлаў курслары шөлкемлестирилип, жоқары оқыў орынларының кириў имтиханларына таярлаў системасы жолға қойылады.
Шәртнама тийкарында оқыўға қабыл етилген әскерлерге болса процентсиз жеңиллетилген кредитлер ажыратылады. Ең әҳмийетлиси, жоқары билимлендириў мәкемелерине қабыл етилген әскерлер әскерий факультетлердиң студентлерине теңлестирилип, оқыўды тамамлағаннан соң оларға резервтеги лейтенант әскерий атағы бериледи.
Соның менен бирге, үлгили хызмет өтеген, республикалық ҳәм халықаралық спорт жарысларында және пән олимпиадаларында биринши орынды ийелеген әскерлерди тест сынақларысыз оқыўға қабыллаў тәртиби белгиленбекте.

Енгизилип атырған жеңилликлерден және бири – әскерлер ушын әскерий хызмет даўамында “Бир әскер – бир кәсип” принципи тийкарында 3-6 айлық оқыў курслары шөлкемлестирилип, оларға мәмлекетлик үлгидеги арнаўлы сертификат бериледи.
Мүддетли әскерий хызметтен қайтып, жеке меншик секторда жумыс ислеўди қәлеген жаслардың кәсип-өнерге оқыў қәрежетлери ваучер тийкарында Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик қоры тәрепинен қаплап бериледи.
Мәмлекетлик шөлкемлерге жумысқа кириў тилегин билдирген жасларға болса Басқарыў нәтийжелилиги агентлиги тәрепинен өткерилетуғын тест сынақларында 10 процентлик жеңилликли баллар қосып бериледи.
Мәжилисте әскерий хызметкерлердиң китапқумарлыққа қызығыўшылығын және де арттырыў, бул бағдарда оларды қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў бойынша илажлар да көрип шығылды.
Атап айтқанда, усы жылдан баслап, ҳәр жылы Қураллы Күшлердиң барлық категориядағы әскерий хызметкерлери арасында төрт басқышлы “Руўхыйлық қалқаны” республикалық китапқумарлық таңлаўы өткериледи.
Таңлаўдың биринши басқышы әскерий бөлим ҳәм әскерий билимлендириў мәкемелеринде, екинши басқышы әскерий округ, бирлеспе ҳәм қосылмаларда, үшинши басқышы Қураллы Күшлер қурамындағы министрликлер ҳәм уйымларда өткериледи. Жуўмақлаўшы республика басқышында сайлап алыў басқышларының жеңимпазы болған әскерий хызметкерлер өз-ара беллеседи. Жуўмақлаўшы басқыштың 4 жеңимпазы Қураллы Күшлер Жоқарғы Бас Сәркардасының бас сыйлығы – заманагөй электромобил ҳәм диплом менен сыйлықланады. Сыйлы орынларды ийелеген әскерий хызметкерлер ақшалай сыйлықлар ҳәм дипломлар менен хошаметленеди.
Мәмлекетимиз басшысы усынысларды мақуллап, тийисли қарарларға қол қойды. Жаңа илажлар елимиздиң раўажланыўы ушын жоқары билим, маманлық ҳәм интеллектуаллық потенциалға ийе және ўатансүйгиш кадрлар резервин қәлиплестириўге хызмет етиўи керек екенлигин атап өтти.
Мәжилисте, сондай-ақ, қорғаныў министри мәмлекетимиздиң әскерий қәўипсизлигин күшейтиў, әскерлердиң жаўынгерлик таярлығын арттырыў бойынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыў барысы ҳаққында мәлимлеме берди.
ӨзА