Экономикада мәмлекеттиӊ қатнасын қысқартыў мәселелери додаланды

Президент Шавкат Мирзиёев экономикада мәмлекеттиң қатнасын қысқартыў ҳәм меншиклестириў процесслерин жеделлестириўге байланыслы усыныслардың презентациясы менен танысты.
Елимизде соӊғы жылларда жеке меншик секторды раўажландырыў ҳәм инвестицияларды тартыў бойынша салмақлы жумыслар әмелге асырылды. Бүгинги күнде экономикада мәмлекеттиң үлеси 42 процентти, мәмлекет қатнасындағы кәрханалардың саны болса 1 мың 685 ти қурамақта. Атап айтқанда, өткен жылы дерлик 30 триллион сумлық мәмлекетлик активлер меншиклестирилип, бюджетке 10 триллион сумнан аслам түсим тәмийинленди. Жер участкаларын сатыў көлеми де избе-из артып, 6 триллион сумлық нәтийжеге ерисилди.
Меншиклестириўден мәпдарлық системасы енгизилип, ўәлаятларда 2,6 триллион сум, мәҳәллелерде болса 7 миллиард сум қаржы қалды. Мәмлекетлик кәрханалар болса бюджетке 49 триллион сум дивиденд төледи. Улыўма, соӊғы бес жылда меншиклестириў есабынан мәмлекетлик кәрханалардың саны 60 процентке азайды.

Сын көзқарас руўхында өткен мәжилисте тараўда шешилиўи керек болған мәселелер де бар екенлиги көрсетип өтилди.
Бәринен бурын, меншиклестириў процесслеринде жумыс орынларын сақлап қалыў, жаңа мүлк ийелери тәрепинен заманагөй технологияларды енгизиў ҳәм өндирис нәтийжелилигин арттырыў бойынша талапларды күшейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди. Өткен жылы нәтийжесиз ислеп атырған мәмлекетлик кәрханалардың саны 362 ге жеткени бул бағдардағы жумысларды буннан былай да жеделлестириўди талап етеди.
Презентацияда мәмлекетлик кәрханаларды таллаў системасында заманагөй санлы қураллар ҳәм жасалма интеллект имканиятларынан жетерли дәрежеде пайдаланылмай атырғаны атап өтилди. Финанслық жағдайы аўырласқан 451 кәрхана 2024-жылы 14 триллион сум, өткен жылы болса 362 кәрхана 4 триллион сум зыян көргени айтылды. Усы мүнәсибет пенен мәмлекет қатнасындағы кәрханалардың жумысын терең таллаў, финанслық турақлылығын баҳалаў ҳәм машқалаларды ерте анықлаўдың жаңа механизмин енгизиў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.

Меншиклестириўде аналитикалық қатнас жетерли дәрежеде қолланылмай атырғаны атап өтилди. Буннан былай бул процесс тармақлық көзқарас тийкарында шөлкемлестирилип, ҳәр бир тараў өз алдына талланыўы, оның социаллық-экономикалық ақыбетлери баҳаланыўы, бәсеки орталығы үйренилиўи ҳәм усы тийкарда усыныслар ислеп шығылыўы белгиленди.
Аймақларда мәмлекетлик мүлктен ақылға уғрас пайдаланыў, бос турған майданларды экономикалық жумысқа тартыў бойынша бар имканиятлар толық иске қосылмай атырғаны атап өтилди. Усы мүнәсибет пенен мәмлекетлик көшпес мүлк объектлерин басқышпа-басқыш бирден-бир басқарыў системасына өткериў, бир хызметкерге туўра келетуғын орташа майданды 27 квадрат метрден 12-15 квадрат метрге шекем қысқартыў усыныс етилди. Бул арқалы 4,9 миллион квадрат метр майданды экономикалық айланысқа киргизиў, бос имаратларды саўдаға ҳәм ижараға шығарыў, сондай-ақ, сақлаў ҳәм коммуналлық қәрежетлерди қысқартыў имканияты жаратылады.
Мәжилисте исбилерменлерге ажыратылған, бирақ экономикалық айланысқа толық киргизилмеген жер участкалары мәселесине де айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда, 2022-2025-жылларда берилген 11,4 мың гектар жердиң 3,1 мың гектарында экономикалық жумыс толық жолға қойылмағаны атап өтилди.

Сол себепли, жер участкаларының ҳақыйқый жағдайын онлайн мониторинг етиў, оларды таяр жойбарлар тийкарында аукционға шығарыў ҳәм инвестиция киргизиў шәртин күшейтиў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди. Буның ушын “E-auksion”, “Yerelektron”, Өзбеккосмос агентлиги, “Шаффоф қурилиш” ҳәм “UzKAD” сыяқлы мәлимлеме системаларын өз-ара интеграция еткен ҳалда нәтийжели пайдаланылмай атырған жерлерди анықлаў системасын енгизиў усыныс етилди.
Бул жерлерди экономикалық айланысқа киргизиўде орынлардағы ҳәкимликлердиң ролин арттырыў тапсырылды. Буннан былай исбилерменлик мақсетлери ушын жер майданлары руқсат бериўши ҳүжжетлери менен бирге таяр бизнес жойбары сыпатында аукционға шығарылады.
Сондай-ақ, ири активлер, соның ишинде, “UzAuto Motors” АЖ ҳәм оның қурамындағы кәрханалар, “Наўайыазот” АЖ, ыссылық электр станцияларын меншиклестириўге таярлаў жумыслары ҳаққында мәлимлеме берилди.
Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигинде санлы технологиялар жойбарлаў офисин шөлкемлестириў усынысы билдирилди. Бул система шеңберинде меншиклестириўдиң барлық процесслери онлайн бақлап барылады, мәмлекетлик кәрханалардың финанслық анализи ҳәм түсимлерди бөлистириў процесслерине жасалма интеллект элементлери енгизиледи.
Мәмлекетимиз басшысы экономикада мәмлекеттиң қатнасын және де қысқартыў, активлерден нәтийжели пайдаланыў ҳәм меншиклестириў процесслерин заманагөй көзқараслар тийкарында жеделлестириў бойынша жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.
ӨзА