Салық ҳәкимшилигин жетилистириў илажлары таныстырылды

Президент Шавкат Мирзиёев 6-апрель күни салық ҳәкимшилигин жетилистириў ҳәм салық уйымларының жумысын реформалаўға байланыслы презентация менен танысты.
Соңғы еки жылда салық базасының кеңейиўи есабынан бюджетке түсимлер көлеми экономикалық пәтлерге салыстырғанда тезирек өспекте. Халықаралық валюта қоры да бул нәтийжелерге салық ҳәкимшилигин күшейтиў ҳәм жасырын экономиканы қысқартыў арқалы ерисилип атырғанын тән алмақта. Соның менен бирге, системаны избе-из реформалаў арқалы 2030-жылға барып, салық түсимлерин 491,5 триллион сумға жеткериў, экономикада бақланбайтуғын үлести болса 28 проценттен 19,6 процентке шекем қысқартыў мақсет етилген.
Мәжилисте салық түсимлерин арттырыўдағы ең үлкен резерв жасырын экономиканы қысқартыў екени атап өтилди.

Президентимиз санлы таллаў ҳәм жасалма интеллект имканиятларынан кеңнен пайдаланып, “ақыллы” қадағалаў системасын енгизиў арқалы бюджетке қосымша 30 триллион сум түсимди тәмийинлеў зәрүр екенлигин көрсетип өтти. Бул саўда ҳәм хызметлер, санаат, қурылыс, улыўма аўқатланыў ҳәм басқа да тараўларда P2P -операциялар мониторинги, товарларды маркировкалаў, санлы қадағалаўды күшейтиў, жүклерди ҳүжжетсиз тасыў ҳәрекетин автоматикалық анықлаў ҳәм рәсмий емес бәнтликти рәсмийлестириў сыяқлы механизмлерден кеңнен пайдаланыў есабынан тәмийинлениўи мүмкин.
Базарлар ҳәм саўда комплекслеринде қадағалаў толық жолға қойылмағаны, санластырыў жумысларының жетерли емеслиги ақыбетинде бул бағдардағы имканиятлар толық иске қосылмай атырғаны атап өтилди. Бүгинги күнде бул жерлерде 72 мыңнан аслам усақлап сатыў саўда субъекти жумыс алып бармақта. Бирақ олардың 38 мыңнан асламы товар айланысын айына 1 миллион сумнан аз көрсеткен, 40 мыңнан асламы болса күнине тек ғана 2-3 чек береди. Сондай-ақ, базарлардағы 12 мың саўда орны бойынша ижара шәртнамалары есапқа қойылмаған. Нәтийжеде 37 мың исбилермен айына 500 мың сумнан аз салық төлеген.
Сол себепли, базарлар ҳәм саўда комплекслерин толық санластырыў есабынан қосымша түсим дереклерин иске қосыў, қадағалаў, салық хызмети ҳәм санлы бақлаўды өз-ара интеграциялаў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.

Мәжилисте стратегиялық емес ири салық төлеўшилерге аймақларда хызмет көрсетиў мәселеси ҳаққында да сөз болды.
Атап айтқанда, 209 мың ҚҚС төлеўшиси салық уйымларынан узақта жайласқаны себепли хызмет көрсетиў ҳәм қадағалаў нәтийжелилигиниң төменлегени атап өтилди. Усы мүнәсибет пенен 500 стратегиялық емес кәрхана қадағалаўын ўәлаят дәрежесине, 103 мыңнан аслам аўыл хожалығы, саўда ҳәм улыўма аўқатланыў кәрханаларын район дәрежесине өткериў усыныс етилди. Усы көзқарас салық төлеўшилерге орнында хызмет көрсетиў сапасын арттырыў, машқалаларды жедел шешиў ҳәм қадағалаў нәтийжелилигин күшейтиўге хызмет етеди.
Исбилерменлер ушын салық ҳәкимшилигин әпиўайыластырыў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.
Өткерилген сораў нәтийжелерине бола, исбилерменлердиң көпшилиги тексериўлер, есабат тапсырыў ҳәм салық төлеў процесслериниң қурамалылығынан наразы екени айтылды. Усы мүнәсибет пенен “автокамераль” қадағалаўды жазалаў қуралынан қәтени ерте анықлап, дүзетиўге хызмет ететуғын профилактика системасына айландырыў, кәрханаларды қәўип дәрежесине қарап, “жасыл,” “сары” ҳәм “қызыл” категорияларға ажыратып ислеў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, 6 түрдеги есабатты инсанның араласыўысыз автомат түрде қәлиплестириў ҳәм бирден-бир салық есабына өтиў жумысларының барысы ҳаққында мәлимлеме берилди. Бүгинги күнде 198 мың жағдайда есабат бериў мүддети бузылғаны, 14,7 мың салық төлеўшилер есабат бермегенлиги ушын 396,6 миллиард сум жәрийма қолланылғаны, салықларды төлеўде есапбетлердиң саны артып кеткени себепли, 20 мың қәтеликке жол қойылғаны айтылды.
Жаңа система енгизилсе, тийкарсыз салық қарызы, артықша төлем ҳәм пеня қолланыў әмелияты қысқартылып, исбилерменлер 8,4 триллион сум қаржыны үнемлеўи мүмкин екенлиги атап өтилди. Жаңа қатнас нәтийжесинде тексериўлер санының азайыўы, есабатлардағы қәтелердиң кескин қысқарыўы, мүрәжатларды көрип шығыўдың тезлесиўи ҳәм колл-орайлардың жумысы сезилерли дәрежеде жақсыланыўы күтилмекте.
Презентацияда салық уйымларының жумысындағы ең тийкарғы мәселе кадрлар потенциалы екени де көрсетип өтилди.
Соңғы жыллары бул бағдардағы жумыслар жетерли дәрежеде шөлкемлестирилмегени себепли кадрлардың турақлы емеслиги артқан. Хызметкерлердиң маманлығын арттырыў дәрежеси төмен, материаллық хошаметлеў системасы заман талапларына жуўап бермейтуғыны, социаллық қоллап-қуўатлаў механизмлери жетерли емес екенлиги атап өтилди. Атап айтқанда, 2022-жылы 3 мыңнан аслам хызметкер маманлығын арттырған болса, өткен жылы тек ғана 700 и қайта оқытылған.
Усы мүнәсибет пенен кадрлардың маманлығын арттырыў, үзликсиз билимлендириўди жолға қойыў, хызметкерлерди материаллық ҳәм социаллық хошаметлеў бойынша жаңа усыныслар усынылды. Кадрлар потенциалын беккемлеў мақсетинде Салық комитети жанындағы Салық академиясының материаллық-техникалық базасын беккемлеў илажлары белгилеп алынды.
Мәмлекетимиз басшысы салық ҳәкимшилигинде санлы технологиялар, таллаў ҳәм жасалма интеллект тийкарында пүткиллей жаңа жумыс усылын енгизиў, исбилерменлер ушын қолайлы ҳәм әдил салық орталығын жаратыў ҳәм тараўда маман кадрлар корпусын қәлиплестириў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.
Салық системасының жумысын “тексериўден – сервиске” принципи тийкарында трансформациялаў, хызмет көрсетиўдиң сапасын буннан былай да арттырыў ҳәм қадағалаўдың заманагөй, нәтийжели механизмлерин жолға қойыў тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгиленди.
ӨзА