Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң оныншы сессиясы ҳаққында мәлимлеме

66

Усы жылдың 6-апрель күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң оныншы сессиясы болып өтти.

Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзалары, депутатлар, министрликлер ҳәм тараў басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басқарып барды.

Жоқарғы Кеңес Баслығы соңғы жыллары Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған айрықша итибары менен әмелге асырылған кең көлемли дөретиўшилик жумысларға тоқтап өтти.

Сессияның күн тәртиби бойынша дәслеп Қарақалпақстан Республикасында барлық тараўларда алып барылып атырған реформалардың барысын халық арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы Ш.Өтемисов баянат жасады ҳәм әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслар ҳаққында мағлыўмат берди. Күн тәртибиндеги мәселе депутатлар тәрепинен толық көрип шығылды ҳәм қарар қабыл етилди.

Буннан соң пуқаралардың ҳуқықларын қорғаў, жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў бағдарында 2025-жылда әмелге асырылған жумыслар ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Ш.Аминов баянат жасады. Бул мәселе де депутатлар тәрепинен толық қарап шығылып, тийисли қарар қабыл етилди.

Буннан соң “Қалалық жолаўшылар транспорты ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамы ҳәм тийисли ҳүкиметлик қарарлары талапларының орынланыўы бойынша Транспорт министрлигине жиберилген Парламентлик сораўдың нәтийжеси ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министри Б.Сейтмуратов шығып сөйледи. Күн тәртибиндеги бул мәселе де көрип шығылып, депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.

Сессияда 2025-жылда орынлардағы норма дөретиўшилиги жумысы ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелияты, ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылықтың жағдайы ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министриниң мәлимлемеси ҳаққындағы мәселе бойынша Әдиллик министри Е.Турсунов баянат жасады. Бул мәселе де депутатлар тәрепинен толық қарап шығылып, қарар қабыл етилди.

Күн тәртибиндеги кейинги мәселе яғный, физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң жер участкаларынан нызамсыз пайдаланыў ҳәм хызметкерлердиң арасында коррупцияның алдын алыўға қаратылған жумыслар бойынша Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасына жиберилген Парламентлик сораўдың нәтийжеси ҳаққында Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы И.Тлеуов баянат жасады. Бул мәселе де толық көрип шығылып, депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.

Күн тәртибиндеги гезектеги мәселе Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм климат өзгериўи комитетиниң 2025-жыл даўамында әмелге асырған жумыслары ҳаққында Экология ҳәм климат өзгериўи комитетиниң баслығы Л.Сеитова баянат жасады. Бул мәселе бойынша да депутатлар тәрепинен тийисли қарар қабыл етилди.

Буннан соң Орайлық банк Қарақалпақстан Республикасы Бас басқармасының 2025-жыл даўамында әмелге асырған жумыслары ҳаққында Орайлық банк Қарақалпақстан Республикасы Бас басқармасының баслығы А.Исаков баянат жасады. Мәселе толық көрип шығылып, қарар қабыл етилди.

Сессияда өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкасына болған ижара ҳуқықы және оларда қурылған имаратлар менен объектлерге болған мүлк ҳуқықы тән алынып атырған пуқаралардың дизимин сессия қарары менен тастыйықлаў мәселеси де көрип шығылды.

Өзбекстан Республикасының арнаўлы Нызамын басшылыққа алып, өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкасына болған ижара ҳуқықы және оларда қурылған имаратлар менен объектлерге болған мүлк ҳуқықы тән алынып атырған 1793 пуқараның дизими сессия қарары менен тастыйықланды.

Сессия мәжилисиниң күн тәртибиндеги кейинги мәселе Жоқарғы Кеңес Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў мәселеси ҳаққында болып, бул мәселе бойынша да депутатлар тәрепинен тийисли қарар қабыл етилди.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң оныншы сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги