Испанлар Өзбекстанның туризм потенциалы менен таныспақта

Өзбекстан Республикасы Туризм комитети ҳәм Испанияның мәмлекетимиздеги елшиханасы менен биргеликте 30-марттан 13-апрельге шекем бир топар испаниялы туристлер ушын Өзбекстан бойлап пресс-тур өткерилмекте.
Атап айтқанда, испаниялы туристлер Самарқанд, Бухара, Хорезм, Қашқадәрья ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласының тарийхый естеликлери ҳәм заманагөй комплекслерине бармақта.
Сондай-ақ, пресс-тур даўамында белгили испаниялы изертлеўши ҳәм фотосүўретши Пабло Мартинес Мунез басшылығындағы дөретиўшилик топар елимиздиң мәдений мийрасы ҳәм бүгинги раўажланыўына бағышланған медиа контент таярламақта. Усы материаллар тийкарында фотоальбом жаратыў, фотокөргизбелер өткериў, сондай-ақ, испан тилинде “Amazon Music” ҳәм “Spotify” сыяқлы халықаралық платформаларда жайластырылатуғын еки подкаст таярлаў режелестирилген.

Саяхатшылар XIX әсирде дөретиўшилик пенен шуғылланған франциялы фотосүўретши Поль Надардың Түркстанға сапарлары менен байланыслы архив ҳүжжетлерин де үйренбекте. Топланған мағлыўматлар тийкарында регионымыз тарийхына байланыслы арнаўлы илимий мақалалар басып шығарыў нәзерде тутылған.
Бул жойбар Өзбекстанның туризм потенциалын үгит-нәсиятлаў, мәдений ҳәм гастрономиялық туризмди раўажландырыў және мәмлекетимиздиң саяхатлар ушын перспективалы бағдар сыпатындағы абырайын және де беккемлеўге қаратылған.
Азиза АЛИМОВА таярлады, ӨзА