Төлеўге қәбилетсизлик институтын жетилистириў мәселелери көрип шығылды

Президент Шавкат Мирзиёев төлеўге қәбилетсизлик институтын жетилистириў ҳәм финанслық жағдайы аўыр исбилерменлик субъектлерин саламатландырыў бағдарындағы жаңа қатнаслар бойынша презентация менен танысты.
Мәмлекетимизде жеке меншик бизнести раўажландырыў, исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм олар ушын және де қолайлы шараятлар жаратыў бойынша избе-из жумыслар алып барылмақта.
Реформалар нәтийжесинде елимизде 300 мыңнан аслам жеке тәртиптеги исбилерменлер ҳәм 5,5 миллион өзин-өзи бәнт еткен шахслар жумыс алып бармақта. Жеке меншик бизнестиң экономикадағы үлеси болса соңғы бес жылда 45 проценттен 58 процентке артты.

Усы жылы киши ҳәм орта бизнеске 140 триллион сум кредит ажыратыў, банклер тәрепинен тартылып атырған 8 миллиард доллар сыртқы ресурсларды мәҳәлледеги исбилерменликке қаратыў, өндирис, саўда ҳәм хызметлер инфраструктурасын жақсылаў ушын аймақларға 20 триллион сум ажыратыў белгиленген.
Соның менен бирге, жаратылған кәрханалар ҳәм жумыс орынларын сақлап қалыў, финанслық қыйыншылыққа дус келген исбилерменлик субъектлерин ерте басқышта қоллап-қуўатлаў бағдарында еле шешимин күтип атырған мәселелер көп екенлиги атап өтилди.
Атап айтқанда, жумыс ислемей атырған ҳәм жумысы сапластырылған киши кәрханалар санының өсиў тенденциясы бақланып атырғаны көрсетип өтилди. Бул жағдай әмелдеги система кәрхананы сақлап қалыў ҳәм қайта тиклеўге емес, көбирек оның жумысын рәсмий сапластырыўға қаратылғанынан дерек берип атырғаны атап өтилди.
Бәринен бурын, төлеўге қәбилетсизлик тәртип-қағыйдалары жетерли дәрежеде қолланылмай атыр. Финанслық жағдайы аўырласқан 93 мың исбилерменниң тек ғана 10 мыңы бойынша төлеўге қәбилетсизлик иси қозғатылған. Судқа шекемги ҳәм суд санациясы системасы әмелде нәтийжели ислемей атыр, соңғы бес жылда тек ғана 68 кәрханаға санация тәртиби қолланылған, сонда да тек ғана 7 синиң жумысы тикленген.

Суд басқарыўшыларының жумысы да сын көзқарастан көрип шығылды. Бир қатар жағдайларда ис жүргизиў мүддетлери бузылғаны, тийкарсыз жуўмақлар берилгени, жалған банкротлық белгилерин өз ўақтында үйрениў механизми жетерли емеслиги атап өтилди. Суд басқарыўшыларына ҳақы төлеў системасындағы бослықлар маман қәнигелерди тартыўға тосқынлық етип атырғаны, айырым жағдайларда болса жумысларды жасалма созыўға себеп болып атырғаны көрсетип өтилди.

Буннан тысқары, тараўдың санластырылмағаны, онлайн мониторинг ҳәм қадағалаўдың жоқ екенлиги, банкрот ямаса төлемге уқыпсыз жағдайдағы кәрханалардың ашық реестри жоқ екенлиги, мәмлекетлик уйымлар арасында мағлыўмат алмасыўы жетерли дәрежеде жолға қойылмағаны атап өтилди.
Усы мүнәсибет пенен тараўда мәмлекетлик басқарыўдың нәтийжелилигин арттырыў бойынша жаңа институционаллық қатнаслар усыныс етилди.
Атап айтқанда, Әдиллик министрлиги жанында Төлеўге қәбилетсизлик ислери бойынша агентлик шөлкемлестириў усыныс етилди. Бул структура тараўда бирден-бир мәмлекетлик сиясатты жүргизиў, мәмлекетлик уйымлардың жумысын муўапықластырыў, банкротлық факторларын таллаў ҳәм сапластырыў илажларын көриў, кәрханаларды финанслық саламатландырыўға жәрдемлесиў менен шуғылланады.
Суд басқарыўшылары жумысының нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде Суд басқарыўшылары палатасын дүзиў усыныс етилди. Палата суд басқарыўшыларының жумысын муўапықластырады, олардың кәсиплик таярлығын ҳәм маманлығын арттырыўды шөлкемлестиреди, олар тәрепинен нызамшылық ҳәм кәсиплик этикаға әмел етиў мониторингин жүргизеди, олардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғайды.
Финанслық жағдайы аўыр бизнес субъектлерин қоллап-қуўатлаўға қаратылған жаңа финанслық механизмлер де таныстырылды.
Соның ишинде, киши ҳәм орта исбилерменлер ушын Бизнести кепиллеў миллий компаниясы арқалы кепиллик бериў, Исбилерменликти раўажландырыў компаниясы арқалы коммерциялық банклерде төмен процентли кредит линияларын ашыў арқалы кәрханаларды финанслық тиклеўге жәрдемлесиў режелестирилмекте.
Онда коммерциялық банклер ажыратқан кредитлер бойынша тийкарғы қарыз ҳәм процентлер санация жуўмақланғанша кешиктириледи, кредит санация жуўмақланғаннан соң 3 жыл ишинде қайтарылады, кредит қарыздарлығын реструктуризциялаў тийкарлары жаратылады.
Салық ҳәм кредит қарыздарлығын кешиктирип төлеў және реструктуризциялаў тәртиплерин әпиўайыластырыўға да айрықша итибар қаратылды.
Атап айтқанда, халық депутатлары районлық ҳәм қалалық кеңеслери айырым салықлар бойынша төлемлерди кешиктириў ямаса бөлип-бөлип төлеўге руқсат бериўи, сондай-ақ, бундай механизмлер гиреў, банк кепиллиги ямаса қамсызландырыў полиси тийкарында салық уйымлары тәрепинен де қолланылыўы мүмкин болады.
Мәмлекет жәрдеминдеги судқа шекемги санатация илажлары да кеңейтиледи. Онда кредиторлар менен келисим, финанслық жәрдем тартыў, салық ҳәм кредит төлемлерин кешиктириў, қарызларды сатып алыў, өндиристи қайта қәнигелестириў, кәрхананы қайта шөлкемлестириў, маман қәнигелерди тартыў ҳәм хызметкерлерди қайта таярлаў сыяқлы қураллардан пайдаланыў мүмкин болады.
Презентацияда төлеўге қәбилетсизлик процесслерди санластырыў мәселесине де үлкен итибар қаратылды.
Усы мақсетте төлеўге қәбилетсизлик ислерин жүргизиўдиң бирден-бир электрон платформасын иске қосыў усыныс етилди. Бул платформада төлеўге қәбилетсизлик иси жүргизилип атырған шахслар, санация қолланылып атырған кәрханалар ҳәм суд басқарыўшыларының реестрлери жүргизиледи. Барлық процесслер – арза бериўден баслап, кәрхананы сапластырыўға шекем – электрон түрде алып барылады. Сондай-ақ, бул система жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары ушын ашық болады.
Бул арқалы тараўда ашық-айдынлықты тәмийинлеў, мағлыўмат алмасыўды жеделлестириў, қадағалаў ҳәм мониторингти күшейтиў, арзаларды көрип шығыў мүддетлерин қысқартыў имканияты пайда болады.
Президентимиз исбилерменликти қоллап-қуўатлаўда жаңа кәрханалар шөлкемлестириў менен шекленип қалмастан, ислеп турған бизнести сақлап қалыў, ўақтынша қыйыншылыққа ушыраған кәрханаларға өз ўақтында жәрдем бериў, оларды экономикалық белсендиликке қайта алып шығыў зәрүрлигин атап өтти.
Жуўапкерлерге төлеўге қәбилетсизлик институтын халықаралық тәжирийбе тийкарында түп-тийкарынан жетилистириў, тараўға заманагөй басқарыў, нәтийжели санация механизмлери ҳәм санлы шешимлерди енгизиў бойынша анық тапсырмалар берилди.
ӨзА