Өзбекстан геология тараўы хызметкерлерине

Қәдирли дослар!
Бәринен бурын, сиз, әзизлерди – көп миллетли геологлар, инженер ҳәм қәнигелер, жумысшы ҳәм хызметкерлер жәмәәтин қутлы кәсиплик байрамыңыз бенен қызғын қутлықлап, бәршеңизге өзимниң жоқары ҳүрметим ҳәм жақсы тилеклеримди билдиремен.
Усы қуўанышлы әййямда сизлердиң қыйын тәбийий шараятларда пидәкерлик пенен мийнет етип, жаңадан-жаңа кәнлер, минерал шийки зат дереклерин табыў, оларды елимиздиң раўажланыўы, халқымыздың абаданлығы жолында ислетиў бағдарындағы үлкен хызметлериңизди және бир мәрте миннетдаршылық пенен тән аламыз.
Мине, усындай ҳәрекетлериңиз себепли елимизде улыўма баҳасы шама менен 3 триллион долларға тең 2 мың 500 ден аслам кән ҳәм 3 мыңнан аслам перспективалы майданлар анықланғаны Өзбекстан үлкен қазылма байлықлар шийки зат базасына ийе екенинен дерек береди.
Соңғы жыллары мине усы резервлерди өзлестириў ҳәм усы тийкарда экономикамыздың раўажланыўына күшли түртки бериў бойынша үлкен жумысларды әмелге асырмақтамыз. Соның ишинде, тараўға халықаралық стандартлар енгизилип, инвестициялық тартымлылық арттырылмақта, алтын, гүмис, мыс, уран, углеводород кәнлери ҳәм майданлары сырт ел инвесторлары ушын да усынылмақта, салық ставкалары төменлетилмекте. Соның ушын дүньядағы ең абырайлы компаниялар мәмлекетимизге жедел инвестиция киргизбекте. Ҳәзирги ўақытта олар менен биргеликте улыўма баҳасы 30 миллиард 700 миллион доллар болған 90 жойбар әмелге асырылып атырғаны дыққатқа ылайық.
Бүгинги күнге шекем 1 мың 458 пайдалы қазылма объекти онлайн аукцион арқалы сатылды. Оның есабынан мәмлекетлик бюджетке 1 триллион сумнан аслам қаржы түсти, 100 мыңға шамалас жоқары дәраматлы жаңа жумыс орынлары жаратылды.
Соңғы он жылда мәмлекетлик бюджеттен 8 триллион 200 миллиард сум қаржы қаратылғаны 2 мыңға шамалас техника ҳәм технологияларды енгизиў, геология-излеў үскенелерин 70 процент жаңалаў имканиятын берди.
Елимизде вертолёт ҳәм дронлар жәрдеминде аэрогеофизика жумысларының жолға қойылғаны, заманагөй 3 D өлшемли сейсмикалық комплекс иске қосылып, жер астын 9 километрге шекем тереңликте геофизикалық үйрениў имканиятының жаратылғаны тараўдың раўажланыўында жаңа дәўир басланғанынан дерек береди.
Тараўда бәсеки ҳәм ашық-айдынлық орталығы қәлиплеспекте. Узақ жыллар даўамында итибардан шетте қалған миллий геология мектеби ҳәм билимлендириў системасы қайта тикленди, заманагөй талапларға жуўап беретуғын Геология илимлери университети шөлкемлестирилди. Алдынғы сырт ел мектеплериниң илимий потенциалынан пайдаланыў ҳәм инновациялық технологияларды қолланыў мақсетинде Компетенциялар орайының жумысы жолға қойылды.
Мине усындай кең көлемли жумысларымыз себепли 2016-2025-жылларда 1 мың 900 ден аслам жаңа кәнлер ашылды. Егер 2016-жылы тастыйықланған уран резервлеримиз 97 мың тоннаны қураған болса, өткен дәўирде және 16 жаңа кән анықланып, резерв 140 мың тоннаға жеткерилди.
Жақында Алмалықта жылына 60 миллион тонна руданы қайта ислеў қуўатлылығына ийе болған жаңа мыс байытыў фабрикасын иске қостық. Әлбетте, бунда да сиз, мийнеткеш геологлардың айрықша хызметлериңиз бар екенин, мине, усы мегажойбар нәтийжесинде 6 мыңнан аслам жоқары дәраматлы жумыс орны жаратылғаны, кәрхана есабына жылына 5 миллиард доллар қаржы келип түсиўин айрықша атап өтпекшимен.
Ҳүрметли тараў хызметкерлери!
Биз “Өзбекстан – 2030” стратегиясында геология тараўын буннан былай да раўажландырыў бойынша да келешектеги ўазыйпаларды анық белгилеп алдық. Елимиздиң минерал шийки затқа бай, перспективалы аймақларын геологиялық жақтан үйрениўди кеңейтиў, алтын ислеп шығарыўды – 1,5 есеге, гүмисти – 3 есеге, мысты – 3,5 есеге, уран, темир ҳәм көмирди – 3 есеге арттырыўды мақсет еткенбиз.
Сиз, жанкүйер ҳәм мәрт геологлардың үлкен билим ҳәм тәжирийбеңиз, беккем ерк-ықрар ҳәм мийнет сүйгишлик пазыйлетлериңиз есабынан бул жоқары шеклерге әлбетте ерисемиз, деп исенемен.
Тараў хызметкерлериниң мийнет ҳәм турмыс шараятларын жақсылаў, олардың машақатлы жумысын мүнәсип хошаметлеў мәселелери буннан былай да бәрқулла итибарымыз орайында болады.
Сизлерди бүгинги қутлы әййям менен және бир мәрте шын жүректен қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, мақтанышлы жумысларыңызда жаңа табыс ҳәм әўметлер, шаңарақларыңызға тынышлық ҳәм абаданлық тилеймен.
Шавкат МИРЗИЁЕВ,
Өзбекстан Республикасы Президенти