Мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў орынлары: бәсеки ҳәм сапа кепиллиги

134

Елмизде Өзбекстан Республикасы Президентиниң басшылығында жасларды ҳәр тәреплеме кәмил инсанлар етип тәрбиялаў, олардың заман талабына сай билим алыўы ҳәм кәсип-өнер ийелеўи ушын қолайлы шараятлар жаратыў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.

Бул бағдарда, мәмлекетлик билимлендириў орынлары менен бирге, мәмлекетлик емес билимлендириў орынларының санын арттырыў, билим бериўдиң сапасын жаңа басқышқа алып шығыў бойынша да нәтийжели жумыслар алып барылмақта

Буның нәтийжесинде, жоқары оқыў орынларының саны елимизде 72 болған болса, 2025-жылы 207 ге жетти. Соннан 101и мәмлекетлик, 74 и мәмлекетлик емес, 32 си сырт еллердиң жоқары оқыў орынлары ямаса олардың филиаллары болып табылады.

2022-жылы республикамыз пайтахтында ашылған Инновациялық технологиялар университети де усындай  мәмлекетлик емес жоқары оқыў орынларының бири болып есапланады. Бул оқыў орнында 10 бағдар бойынша сегиз мыңнан аслам студентлер тәлим алмақта. Бирақ, бул оқыў орны бүгинги күнге шекем  барлық қолайлықларға ийе заманагөй комплекс имаратқа ийе емес, университет студентлери Нөкис қаласы менен Хожели районларында жайласқан имаратларда тәлим алар еди.

Быйылғы жылы болса, бул кемшиликти сапластырыў мақсетинде, университет басшылары Нөкис қаласында усы оқыў орнының жаңа имаратын салыўды режелестирмекте ҳәм жақында оқыў дәргайының ирге тасы қаланды.

Бул мәресимде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов, Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қ.Шарипов, Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б.Өтемуратовлар қатнасты.

Атап өтиў орынлы, улыўма баҳасы 10 млн. долларлық оқыў комплексинде 10 мың студент билим алыўы нәзерде тутылмақта. Буннан тысқары, 1000 орынлық студентлер жатақханасы, спорт зал ҳәм арнаўлы майданшалар, оқыў-лаборатория ханалары қурылады ҳәм студент-жаслар ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги