Төлеўге қәбилетсизлик институты жетилистириледи

206

Әдиллик министрлиги жанында Төлеўге қәбилетсизлик ислери бойынша агентликти шөлкемлестириў усыныс етилди. Бул структура тараўда бирден-бир мәмлекетлик сиясатты жүргизиў, мәмлекетлик уйымлардың жумысын муўапықластырыў, банкротлық факторларын таллаў ҳәм сапластырыў илажларын көриў, кәрханаларды финанслық жақтан саламатландырыўға жәрдемлесиў менен шуғылланады.

Суд басқарыўшылары жумысының нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде Суд басқарыўшылары палатасын дүзиў усыныс етилди. Палата суд басқарыўшыларының жумысын муўапықластырады, олардың кәсиплик таярлығы ҳәм қәнигелигин арттырыўды шөлкемлестиреди, олар тәрепинен нызамшылық ҳәм кәсиплик этикаға әмел етилиўин мониторинг етеди, ҳуқықлары менен мәплерин қорғайды.

Финанслық жағдайы аўыр бизнес субъектлерин қоллап-қуўатлаўға қаратылған жаңа финанслық механизмлер киргизиледи. Соның ишинде, киши ҳәм орта исбилерменлер ушын Бизнести кепиллеў миллий компаниясы арқалы кепиллик бериў, Исбилерменликти раўажландырыў компаниясы арқалы коммерциялық банклерде төмен процентли кредит линияларын ашыў арқалы кәрханаларды финанслық тиклеўге жәрдемлесиў режелестирилмекте.

Онда коммерциялық банклер ажыратқан кредитлер бойынша тийкарғы қарыз ҳәм процентлер санация жуўмақланғанша кешиктириледи, кредит санация жуўмақланғаннан соң 3 жыл ишинде қайтарылады, кредит қарыздарлығын реструктуризциялаў тийкарлары жаратылады.

Салық ҳәм кредит қарыздарлығын кешиктирип төлеў ҳәм де реструктуризциялаў тәртиплерин әпиўайыластырыўға да айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда, халық депутатлары районлық ҳәм қалалық кеңеслери айырым салықлар бойынша төлемлерди кешиктириў ямаса бөлип-бөлип төлеўге руқсат бериўи, сондай-ақ, бундай механизмлер гиреў, банк кепиллиги ямаса қамсызландырыў полиси тийкарында салық уйымлары тәрепинен де қолланылыўы мүмкин болады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги