“Бес баслама олимпиадасы”ның мәҳәлле басқышы өткерилмекте

43

Усы күнлерде мәмлекетимизде жаслар арасында өткерилиўи белгиленген “Бес баслама олимпиадасы”ның воркаут, стритбол ҳәм халық ойынлары жарысларының мәҳәлле басқыш жарыслары өткерилмекте.

Усы жылдың 30-мартынан басланған “Бес баслама олимпиадасы” ойынлары ислеп шығылған режелерге муўапық орынларда мәҳәлле жасларының қызықлы беллесиўлери көринисин алмақта.

Наўрыз улыўмахалықлық байрамына үйлес түрде өтип атырған жарысларда жаслар “ERP Sport”  бирден-бир электрон платформасынан дизимнен өтиў тийкарында қатнаспақта.

– “Бес баслама олимпиадасы” шеңберинде быйылғы жылдан жаңадан қосылған халық ойынларының мәҳәлле басқышы басқа спорт түрлерине қарағанда көтериңки руўхта өткерилмекте. Әсиресе, халық ойынларының арқан тартыс, тас көтериў, әткөншекте ушыў бағдарларындағы беллесиўлерди шөлкемлестириў қолайлылығы менен айрықша ажыралып турғанлығын атап өтиў керек. Буның ушын спорт инвентарьларына талап жүдә жоқары емес, ал жаслардың қызығыўшылығының жоқарылығы талабанлар санының артыўына тәсир көрсетпекте, – дейди Спорт министрлиги бөлим баслығы Шерзод Олимов.

Усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы, Әндижан, Сурхандәрья, Наўайы, Ферғана, Хорезм, Қашқадәрья ҳәм пайтахтымыздың көплеген мәҳәллелеринде жарыслар жоқары дәрежеде шөлкемлестирилди.

“Бес баслама олимпиадасы”ның мәҳәлле басқыш жарыслары 4-апрельге шекем даўам етеди.

Т.Рўзиев, ӨзА