Жоқарғы Кеңес Баслығы Әмиўдәрья районында жаслар менен ушырасты

118

Президентимиздиң усы жыл 24-февраль күни жаслар менен өткерген сәўбети даўамында алға қойылған басламаға муўапық, министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлерде ҳәр пийшемби күни “Жаслар күни”н өткериў дәстүрге айланбақта.

Жуўапкерлер жаслар менен ушырасыўларда олардың машқалаларын үйрениў ҳәм шешиўге әҳмийет қаратпақта.

Мине усы ийгиликли баслама шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Әмиўдәрья районындағы бир қатар жумыссыз ҳәм аталыққа алынған жаслар менен ушырасыў өткерди.

Ушырасыўдан алдын, жаслар ушын бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы шөлкемлестирилди. Буннан тысқары, жаслардың басламаларын қоллап-қуўатлаў бағдарында жаратылған шараятлар, берилген имканиятлар бойынша презентация жыйналғанлардың итибарына усынылды.

Илаж даўамында бүгин елимизде әмелге асырылып атырған жаслар сиясаты шеңбериндеги реформалар ҳаққында толық мағлыўмат берилди. Қарақалпақстанлы жаслар ушын мәмлекетимизде жаратылып атырған имканиятлар, оларды қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жумысларға тоқтап өтилди. Соның менен бирге, бундай имканиятлардан орынлы пайдаланып, жоқары нәтийжелерге ерисип атырған жаслардың саны артып атырғаны айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Ушырасыўда жаслардың пикир-усыныслары тыңланып, оларды қызықтырған сораўларға ҳәр тәреплеме жуўап берилди.  Онда тийкарынан, жумыс пенен тәмийинлеў, исбилерменлик жумысын жолға қойыў, жеңиллетилген кредитлер алыў, кәсип-өнер үйрениў ҳәм билимлендириў тараўына байланыслы мәселелер көтерилди.

Көтерилген ҳәр бир мәселе Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынып, тараў жуўапкерлерине тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги