Жоқарғы Кеңес Баслығы Қарақалпақстанда самал электр станцияларын қурыў мәселелери бойынша инвесторлар менен ушырасты

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Саудия Арабстанының «ACWA Power» компаниясының Өзбекстандағы баслығы Жон Заиди басшылығындағы компания ўәкиллери менен ушырасты.
Дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығы Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыў ҳәм инвестициялық орталықты жақсылаў бойынша айрықша итибар қаратылып атырғанын кең түрде атап өтти.
Ушырасыўда «ACWA Power» компаниясы тәрепинен самал электр станциясын қурыў бойынша республикамыз аймағында әмелге асырылып атырған ҳәм әмелге асырылыўы белгиленген перспективалы жойбарлар, сондай-ақ, бар болған имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў мәселелери сөз етилди.

Усы жерде «Нөкис-1» жойбары шеңберинде қуўатлылығы 100 мегаватт болған самал электр станциясы қурылғанлығын атап өтиў орынлы. Сондай-ақ, Беруний районында «Нөкис-2» жойбары шеңберинде баҳасы 260 млн. долларлық 200 мегаваттлық самал электр станциясы ҳәм 100 мегаваттлық энергия сақлаў системасы қурылмақта. Буннан тысқары, Қоңыратта 2000 мегаваттлы самал электр станцияларын қурыў бойынша әмелий жумыслар басланған.
Өткерилген ушырасыўда бирге ислесиўди және де беккемлеў ҳәм кеңейтиў, қурылыс жумыслары ҳәм станция жумысларына жергиликли пуқараларды тартыў, буның ушын зәрүр кадрларды таярлаўда Қарақалпақстандағы оқыў орынларының имканиятларынан пайдаланыў сыяқлы әҳмийетли мәселелер додаланып, алдағы режелер белгилеп алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги