Бухара ўәлаятында реформалардың нәтийжелилиги ҳәм келешектеги әҳмийетли ўазыйпалар додаланды

Президент Шавкат Мирзиёев Бухара ўәлаятында әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилиги, аймақтың экономикалық потенциалынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм келешектеги әҳмийетли ўазыйпалар бойынша мәжилис өткерди.
Бухара ўәлаяты санаат, аўыл хожалығы, хызметлер ҳәм туризм тараўларында ҳеш бир аймақтан кем болмаған үлкен имканиятларға ийе. Ўәлаятта 2 ири нефть-газ химия кәрханасы жумыс алып бармақта, және биреўи қурылмақта. Сондай-ақ, баҳасы 5,2 миллиард доллар болған, улыўма қуўатлылығы 4,5 гигаваттқа тең 10 ири қуяш ҳәм самал электр станциясы қурылысы жедел алып барылмақта.
2025-жылы аймақлық жалпы өнимниң көлеми 7,2 процентке артып, 86,6 триллион сумға жетти, санаатта 7,1 процент, аўыл хожалығында 4,3 процент, хызметлер тараўында 14 процент өсиў атап өтилген. Жумыссызлық 2024-жылға салыстырғанда 4,7 процентке, кәмбағаллық дәрежеси 6,0 процентке шекем төменлеген.

Мәжилисте Бухара ўәлаятын 2026-жылы социаллық-экономикалық раўажландырыўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери көрип шығылды. Атап айтқанда, жалпы аймақлық өним көлемин 102,1 триллион сумға жеткерип, 9,1 процентке өсиўге ерисиў, санаат көлемин 9,1 процентке, аўыл хожалығын 5,9 процентке, хызметлер көлемин болса 20,1 процентке арттырыў ўазыйпалары белгиленди. Жумыссызлық ҳәм кәмбағаллық дәрежесин 2 процентке шекем қысқартыў, 381,5 мың халықты дәраматлы етиў нәзерде тутылған.
Усы мақсетте Бухара ҳәм Когон қалалары, сондай-ақ, Олот, Пешку, Қаракөл, Шофиркон, Ғиждувон ҳәм Қараўылбазар районларын жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықтан жырақ аймақларға айландырыў бойынша мәнзилли илажлар әмелге асырылатуғыны атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы Бухара үш мың жыллық тарийхқа ийе ески үлке екенин, бундай бай мәдений мийрас ҳәм тарийхый естеликлер жәмленген қалалар дүньяда аз ушырасатуғынын атап өтти. Бул потенциалды экономикалық өсиў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықтың дәраматын арттырыў ҳәм инфраструктураны жақсылаўға хызмет еттириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Инвестиция ҳәм экспорт бағдарында 2026-жылы 3,3 миллиард долларлық сырт ел инвестицияларын өзлестириў, 1,5 миллиард долларлық экспортты тәмийинлеў, улыўма баҳасы 9,2 миллиард долларлық инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ўазыйпасы қойылды.
Санаатты раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Атап өтилгениндей, санаат тармақлары кесиминде 61 ири жойбар қәлиплестирилген болып, олардың улыўма баҳасы 2,2 миллиард долларды қурайды. Нәтийжеде 18 мың жаңа жумыс орнын жаратыў, халықтың жан басына санаат көлемин 25,6 миллион сумнан 29,6 миллион сумға жеткериў мөлшерленген.
Атап айтқанда, Когон районында жылына 80 мың электр ҳәм гибрид автомобиль ислеп шығарыўды жолға қойыў режелестирилген. Жойбардың баҳасы 350 миллион долларды қурап, 500 жумыс орны жаратылады.
Сондай-ақ, Бухара районында пиролизди қайта ислеў арқалы бензол, толуол, ксилол, пентан, гексан, битум ҳәм кальций хлорид ислеп шығарыў бойынша 220 миллион долларлық жойбарды әмелге асырыў, Қараўылбазар районында 85 миллион долларлық жойбар тийкарында АИ-91 ҳәм АИ-92 бензинин ислеп шығарыўды кеңейтиў, Когон районында қағаз ҳәм картон өнимлерин ислеп шығарыўды жолға қойыў нәзерде тутылған.
Қараўылбазар районында жылына 100 мың тонна минерал төгин ислеп шығарыў, Когон районында гипсокартон ислеп шығарыўды кеңейтиў режелери де додаланды.

Соның менен бирге, 61 дана бар болған санаат зонасындағы бос жер майданларында жайластырылатуғын жаңа өндирислер ушын тийкарғы бағдарлар белгилеп алынды. Соның ишинде, Бухара қаласы ҳәм Бухара районында азық-аўқат ҳәм мебель ислеп шығарыў, Вобкентте былғары ҳәм жеңил санаат, Когон ҳәм Қараўылбазарда нефть-химия, Шофиркон ҳәм Пешкуда фармацевтика ҳәм азық-аўқат, Ғиждувонда қурылыс материаллары бағдарларына үстинлик бериледи.
Аўыл хожалығында заманагөй жерден пайдаланыў технологиялары ҳәм ирригация системаларын енгизиў есабынан 100 мың гектар жерди өзлестириў ҳәм пайдаланыўға киргизиў мүмкин екенлиги атап өтилди. Бул ўәлаяттың экономикасын ҳәм экспорт потенциалын сезилерли дәрежеде арттырыўға хызмет етеди.
Мәжилисте ўәлаяттағы 3 миллион гектар жайлаў жерлеринен нәтийжели пайдаланыў, шарўашылықты раўажландырыў, азықлық егинлер майданын кеңейтиў бойынша жаңа қатнаслар да додаланды. Усы жылы 59,2 мың гектар майданға толық азықлық егинлер егиў режелестирилген. Сондай-ақ, улыўма баҳасы 454 миллиард сум болған 82 шарўашылық жойбарын әмелге асырыў, бул мақсетте шеттен 20 мың бас нәсилли қарамал, 30 мың бас қой ҳәм 200 бас ат алып келиў нәзерде тутылған.
Пахташылық, ғәллешилик ҳәм суўды үнемлеў бағдарларында да анық ўазыйпалар белгиленди. Атап айтқанда, 2026-жылы пахта зүрәәтлилигин 52 центнерге, ғәлле зүрәәтлилигин 100 центнерге жеткериў, 96,8 мың гектарда суў тәмийнаты ҳәм мелиоративлик жағдайды жақсылаў, 453,5 миллион куб метр суўды үнемлеў, 742 аўыл хожалығы техникасын алып келиў режелестирилген.
Шарўашылықта ҳәр бир районда 50 бас нәсилли қарамалға мөлшерленген заманагөй мини-фермалар шөлкемлестириў усынысы көрип шығылды. Бул бағдарлама шеңберинде 110 жойбар әмелге асырылып, 5,5 мың бас нәсилли қарамал алып келинеди, 3 мың 750 жаңа жумыс орны жаратылады ҳәм 51,5 мың тонна қосымша сүт ислеп шығарыў қуўатлылығы қәлиплестириледи.
Хызметлер ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында мәҳәллелердиң қәнигелесиўи тийкарында 49 жойбар әмелге асырылатуғыны, 33 саўда ҳәм сервис көшеси, 2 жағалық бойы аймағы, 4 туризм мәҳәллеси ҳәм 10 жол бойы жойбарының шөлкемлестирилетуғыны белгиленди. Буның ушын жәми 12,5 триллион сум қаржы ресурсы, соның ишинде, 7,5 триллион сум киши ҳәм орта бизнеске қаратылады.
Туризм тараўы ҳәзирги ўақытта тийкарынан Бухара қаласының есабына туўра келип атырғаны, ўәлаяттың басқа районларындағы имканиятлар болса еле толық иске қосылмағаны атап өтилди. Жандар, Ғиждувон, Бухара, Қаракөл ҳәм Вобкент районларында жағалық ҳәм жол бойы драйвер жойбарларын әмелге асырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халық ушын заманагөй дем алыў орталығын қәлиплестириў бойынша үлкен имканиятлар бар екенлиги көрсетип өтилди.
Усы мүнәсибет пенен 2026-жылы 3,5 миллион сырт ел ҳәм 5,5 миллион жергиликли туристти тартыў, улыўма туристлер санын 9 миллионға жеткериў ўазыйпасы қойылды. Буның ушын 2026-жылы 73 жаңа жайластырыў қуралы, 15 жаңа туроператор ҳәм турагент иске қосылады.
Бухара қаласында қурылып атырған жаңа туризм орайында 5 халықаралық брендли мийманхана шөлкемлестириў, Шофиркон районында “Хўжа Ориф”, Бухара районында “Чор Бакр” ҳәм “Ёржон” туризм аўылларын раўажландырыў, Бухара қаласында “Мохи Хоса” туризм мәҳәллесин қәлиплестириў нәзерде тутылған. Бухара тарийхый орайында ЮНЕСКО талапларына сәйкес айрықша ҳәкимшилик басқарыў системасын енгизиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Сондай-ақ, Когон қаласында 6 тарийхый объект тийкарында туризм қалашасын шөлкемлестириў усынысы көрип шығылды.
Кадрлар таярлаў мәселесине де айрықша итибар қаратылды. Австрияның Кремс университети менен биргеликте факультет ашыў, Бухара туризм ҳәм мәдений мийрас техникумын усы жоқары оқыў орнының басқарыўына бериў режелестирилген. Онда толық дуал билимлендириў тийкарында қәнигелер таярлаў ҳәм басқарыў кадрларын қайта таярлаў системасын жолға қойыў зәрүрлиги атап өтилди. Бул университет Бухара қаласында шөлкемлестирилип атырған күни-түни көшелерди басқарыў бойынша жаңа модельди ислеп шығыўға да жәрдемлеседи.
Мәжилисте халық санының өсиўине сәйкес түрде турақ жай ҳәм инфраструктураны раўажландырыў мәселелери де көрип шығылды. Атап айтқанда, Бухара районындағы Работак мәҳәллеси аймағында 63 гектар майданда 10 мыңнан аслам квартиралы заманагөй турақ жай комплексин қурыў, Бухара қаласында жаңа ҳәкимшилик орай шөлкемлестириў, “Жаңа Өзбекстан” массиви ҳәм “Жаңа Өзбекстан” бағын қурыў, Бухара мәмлекетлик университетиниң жаңа кампусын қурыў сыяқлы ири қурылыс ҳәм урбанизация жойбарлары додаланды.
Жол ҳәм инженерлик-коммуникация инфраструктурасын жақсылаў бойынша да бир қатар ўазыйпалар белгиленди. Ўәлаятта узынлығы 33,1 километр болған 7 айланба жол қурыў, “Ғузар – Бухара – Нөкис – Бейнеў” жолының 78 километр ҳәм “Самарқанд – Бухара – Түркменбасы” жолының 71 километр бөлегин реконструкциялаў, А-380 жолы бойында 30,8 гектар жер майданын аукционға шығарып, 403 сервис жойбарын жайластырыў режелестирилген.
Сондай-ақ, аўыр категориядағы 3 район ҳәм 36 мәҳәлледе, сондай-ақ, “Жаңа Өзбекстан көринисиндеги” 2 район ҳәм 35 мәҳәлледе жаңа қатнаслар тийкарында жол, электр, суў ҳәм суўғарыў тармақларын жақсылаў жумыслары әмелге асырылатуғыны, бул мақсетлерге жәми 593 миллиард сум қаржы қаратылатуғыны мәлим етилди.
Социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураны раўажландырыў ушын 2026-жылы жәми 4 триллион 484 миллиард сум қаржы қаратылатуғыны, буның есабынан мектеп, бақша, медицина мәкемелери және коммуналлық ҳәм транспорт инфраструктурасы бойынша жүзлеген жойбарлар әмелге асырылатуғыны атап өтилди.
Президентимиз Бухара ўәлаятының бар имканиятларын толық иске қосыў, ҳәр бир басламаны анық жойбарға айландырыў, инвестиция, өндирис, аўыл хожалығы, туризм ҳәм инфраструктура тараўларында нәтийжелиликти тәмийинлеў бойынша жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.
ӨзА