Жавоҳир Синдаров Каруананы жеңип, Талабанлар турнириниң жалғыз жетекшисине айланды

57

Өзбекстанлы шахматшы Жавоҳир Синдаров Талабанлар турнириниң төртинши турында тийкарғы фаворитлерден бири – Фабиано Каруана үстинен әҳмийетли жеңисти қолға киргизди.

Өзбекстанлы шахматшы Талабанлар турнириниң дәслепки төрт турында 3,5 очко топлаған биринши қатнасыўшы болды.

Синдаровтың жарыстағы табыслы жүриси оған жәҳән рейтингинде 6-орынға көтерилиўге имканият берди. Ҳәзирги ўақытта және бир шахматшымыз Нодирбек Абдусатторов 4-орында бармақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги