Диний тараў хызметкерлери арасындағы гүрес жарысы өткерилди

Өзбекстан мусылманлары басқармасы баслығы, муфтий Шайх Нуриддин Холиқназардың басламасы менен барлық миллий спорт түрлерин кеңнен ен жайдырыў, саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, әсиресе жаслар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, миллий қәдириятларға болған қызығыўшылықты арттырыў мақсетинде миллий гүрес бойынша диний тараў ўәкиллери арасында жарыс өткерилди.
Бүгин, Нөкис қаласындағы спорт комплексинде Қарақалпақстан мусылманлары қазыятына қараслы мешит имам-хатиб ҳәм имам-найыплары арасында салмақ категорияларына қарап, миллий гүрес бойынша өз ара күш сынасты.




Жарыс нәтийжелерине бола, 35-45 жас аралығында Нөкис қаласы «Имам ийшан Муҳаммад» жоме мешити имам-найыбы Ф.Мансуров, Нөкис қаласы «Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуф» жоме мешити имам-найыбы Т.Сарсенбаев, Мойнақ районы «Ҳәким ата» жоме мешити имам-хатиби А.Сейдуллаев, Қанлыкөл районы «Ешим ахун» жоме мешити имам-найыбы А.Наимов, Қанлыкөл районы «Атажан хожа» жоме мешити имам-найыбы Р.Баймуратовлар, 45-50 жас аралығында болса, Тақыятас районы «Сары ийшан» жоме мешити имам-хатиби Р.Омирзақов ҳәм 50 жастан жоқары болған қатнасыўшылар арасынан Нөкис районы «Имаматдин ийшан» жоме мешити имам-найыбы Х.Омирзақовлар жеңимпаз деп табылып, кейинги басқышларда қатнасыў ҳуқықын қолға киргизди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги