Япония телеканалы Өзбекстан ҳаққында көрсетиў таярлады

Японияның RCC TV телеканалы Өзбекстанның бай тарийхы, тартымлы туризм потенциалы ҳәм еки мәмлекет арасындағы дослық байланысларға бағышланған арнаўлы көрсетиў таярлады.
Бағдарламада мәмлекетимиздиң бай ҳәм рәңбәрең туризм потенциалы, дүнья жәмийетшилигиндеги барған сайын беккемленип атырған унамлы имиджи және Өзбекстан – Япония мәдений-гуманитарлық байланысларының қәлиплесиў тарийхы ҳәр тәреплеме талланған.
Көрсетиў даўамында Самарқанд, Бухара, Хийўа сыяқлы тарийхый қалаларымыздағы бийтәкирар архитектуралық естеликлер, миллий дәстүрлеримиз ҳәм елимиздиң заманагөй туристлик инфраструктурасы ҳаққында толық мағлыўмат берилди. Сондай-ақ, мәмлекетимизде туризм тараўын раўажландырыў бойынша жедел реформа алып барылып атырғаны, сырт ел туристлери ушын қолайлы шараят жаратылып атырғаны да айрықша атап өтилди.
Дөретиўшилер мәмлекетлеримиз арасындағы көп жыллық дослық қатнасық, өз-ара исеним ҳәм бирге ислесиўге тийкарланған байланыслардың тарийхы ҳәм бүгинги күндеги раўажланыў басқышы ҳаққында да сөз етти. Мәденият, билимлендириў, туризм тараўларында әмелге асырылып атырған биргеликтеги жойбарлар мысалында пайдалы шериклик нәтийжеси сәўлелендирип берилген.
Көрсетиў жуўмағында халықаралық майдандағы абырайы барған сайын артып атырған Өзбекстан ашық, дослық сиясаты, бай тарийхы, мәдений мийрасы себепли дүнья туристлери ушын тартымлы бағдарға айланып атырғаны атап өтилген.
Улыўма, бундай медиа жойбарлар дослық байланысын және де беккемлеўи, еки халық арасындағы өз-ара түсинисиў ҳәм жақынлықты күшейтиўге хызмет ететуғыны атап өтилген.
Фардона ЯХШИБОЕВА,
ӨзАның хабаршысы