“Президент олимпиадасы”ның дәслепки басқыш жарыслары додаланды

41

Спорт пенен профессионал шуғылланыўшылардың санын ҳәм сапасын буннан былай да жақсылаўда “Президент олимпиадасы” жарысларының айрықша орны бар.

Жаңаша принциплер тийкарында енгизилген ҳәм мәмлекетимиз жасларының турмысына өзине тән мазмун ҳәм руўхый күш бағышлаўы нәзерде тутылған “Президент олимпиадасы”ның быйылғы жарыслары 13-14 жасар (көркем гимнастика бойынша 11-12 жасар) спортшылар арасында 21 олимпиада спорт түри бойынша шөлкемлестирилетуғыны белгиленген.

Биринши басқыш усы жылдың март-апрель айларында “Район ҳәм қала ҳәкими олимпиадасы,” екинши басқыш май-июнь айларында “Ҳәким олимпиадасы,” үшинши басқыш “Президент олимпиадасы” сыпатында шөлкемлестирилиўи белгиленген болып, усы күнлерде район ҳәм қалаларда дәслепки басқыш жарыслары даўам етпекте.

Пайтахтымыздағы “Олимпия қалашасы”нда бул жарыслардың биринши басқышы – “Район ҳәм қала ҳәкими олимпиадасы”н үлгили тәризде өткериў жағдайы, спорт федерацияларының жуўапкершилигин буннан былай да арттырыў, жарысларға жеке меншик спорт клубларын тартыў сыяқлы мәселелерге бағышланған мәжилис болып өтти.

Спорт министрлиги, Миллий олимпиада комитети, спорт федерациялары, аймақлық спорт басқармалары, спорт мектеплериниң жуўапкерлери қатнасыўында видеоселектор тәризинде өткерилген мәжилисте күн тәртибиндеги мәселелер бойынша жуўапкерлердиң есабатлары тыңланды.

Аймақларда жарысларды байрамға уқсас шөлкемлестириў, ашық-айдынлықты тәмийинлеў, қамтып алыўдың улыўма жағдайы, төрешилик, оны үгит-нәсиятлаў бағдарындағы жумыслар талланды.

Усы күнлерде аймақларда “Район ҳәм қала ҳәкими олимпиадасы” өткерилип атырғаны, атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы Шымбай районында гандбол, Наманганның Мыңбулақ районында волейбол, Наўайы қаласында спорт гүреслери, Самарқандта таэквондо, Бухараның Когон районында гандбол бойынша шөлкемлестирилген биринши басқыш жарыслары жоқары дәрежеде өткерилгени айтып өтилди.

Додалаўлар процесинде жаңа чемпионлар әўладын жетилистириўге қаратылған “Президент олимпиадасы” спорт жарысларының дәслепки басқышында ҳәр бир спорт түриниң өзгешелигинен келип шығып беллесиўлерди басқарыўда аймақлық спорт шөлкемлериниң жуўапкершилигин арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Т.Рўзиев, ӨзА