Экологиялық турақлылықты тәмийинлеў ҳәм аймақлардың жасыл әлемин байытыў бойынша әҳмийетли қәдем тасланды

32

Президент Шавкат Мирзиёев 1-апрель күни “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде нәл егиў илажында қатнасып, Миллий дендрология бағын қурыўға старт берди.

Дүньяның экологиялық көриниси қурамаласып баратырғанына көнлигип атырғанлар бар. Бул бағдардағы машқалаларды шешиўге ҳәр тәреплеме ҳәрекет етип атырғанлар қанша. Бул бағдардағы ҳәрекетлерде халықтың қәдириятлары ҳәм заманагөй көзқараслар үйлессе нәтийже күтилгениндей болады.

Усы көзқарастан, халықаралық экспертлер Өзбекстанда избе-излик пенен әмелге асырылып атырған “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбарын айрықша тән алмақта. Бул тек ғана нәл егиў кампаниясы емес, ал келешек әўладлар ушын мүнәсип жасаў орталығын жаратыўға қаратылған стратегиялық бағдарлама екенин атап өтпекте.

Президентимиздиң усы жыл 25-мартта қол қойылған “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбарының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў илажлары ҳаққында”ғы пәрманы бул системаны сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығады. Ҳүжжет аймақлардың тек ғана ландшафт көринисин емес, ал саламат экологиялық жағдайын қәлиплестириўде әҳмийетли ҳуқықый тийкар болып хызмет етеди.

Пәрманға бола, жақын келешекте республиканың барлық аймақларындағы белгили майданларда ботаника ҳәм дендрология бағлары шөлкемлестирилетуғыны белгиленди. Бул әлбетте мәмлекеттиң экологиялық картасында түпкиликли бурылыс жасайды. Бундай қәнигелестирилген парклер тек ғана дем алыў орны емес, ал қала ҳәм аўылларымызда “тәбийий фильтр” ўазыйпасын атқарады.

Мәмлекетимиз басшысы “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңбериндеги илажда шығып сөйлеп, халқымыз әзелден Наўрыз күнлеринде, шаңарақта перзент туўылғанда қыйтақ жерине, майдан ҳәм қыябанларға, жол шетлерине жақсы нийет пенен нәл егип, гүл ҳәм райханлар егетуғынын атап өтти.

Мине, усы ийгиликли қәдириятлар тийкарында соңғы бес жылдан берли “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары әмелге асырылып, ҳәр жылы 200 миллион түп нәл егилип келинбекте.

Халқымыздың сана-сезиминде терек егиў әпиўайы мийнет процеси емес. Бул келешекке қойылған руўхый қолтаңба есапланады. Буның менен “Жақсыдан бағ қалады” деген ибратлы мақсет перзентлердиң санасына және де беккем орнайды.

“Жасыл мәкан” жойбары әне усы ески қәдириятларымыздың заманагөй реформалар менен араласқан бир көриниси болмақта. Ҳәр бир егилген нәл тәбиятқа және бир өмир бағышлайды. Ҳәр бир нәл ўатанласларымыздың ана жерге болған шексиз муҳаббаты ҳәм жуўапкершилигиниң көриниси болады. Аймақларда жаңадан қурылып атырған дендрология бағлары болса бул ийгиликли дәстүрлерди илимий тийкарда әсирлерге мөрлейди.

Бүгин жерге қадалған ҳәр бир нәл ертең елимиздиң абаданлығына, халқымыздың саламатлығына хызмет етеди. Бул болса “Жасыл мәкан” идеясының тек ғана экологиялық емес, ал жоқары адамгершилик ҳәм руўхый әҳмийетке ийе екенин және бир мәрте тастыйықлайды.

Өткен дәўирде 2 мың гектардан аслам майданда 942 жасыл бағ ҳәм жасыл жәмийетлик парклер, 47 массивте “Жаңа Өзбекстан бағлары” қурылды. Республиканың таў, шөл ҳәм төбелик аймақларында 256 мың гектар тоғай шөлкемлестирилди. Аралдың қурыған ултанында 2 миллион гектар майданда жасыл қапламалы қорғаў тоғайлықлары жаратылды. Самал ҳәм қум-шаң боранларының зыянлы тәсириниң алдын алыў мақсетинде 33 районда 60 километрлик “жасыл белбеў” пайда етилди.

Өткен жылы Хожели, Янгибазар, Ғиждувон, Балықшы ҳәм Аҳангаран районларында жылына 5,5 миллион түп саяманлы терек нәллерин жетистириў имканиятын беретуғын заманагөй нәлханалар иске қосылды. Сондай-ақ, шөллениўди азайтыў мақсетинде Қытай тәжирийбеси тийкарында быйыл биринши мәрте Арнасай, Қаракөл, Муборак, Кармана ҳәм Нөкис районындағы 50 гектар майданда суўсызлыққа шыдамлы галофит бағлары жаратылды. Атап өтилгениндей, бул жерде жетистирилген галофит туқымлары келешекте мыңлаған гектар жерлерде шорланыўды азайтыў ҳәм топырақ өнимдарлығын арттырыўға хызмет етеди.

Улыўма, қысқа дәўирде республикада жасыллық дәрежеси 8 проценттен 14,2 процентке артты. Өткен ҳәптеде Президентимиз қол қойған жаңа пәрманға муўапық, 2030-жылға шекем мәмлекетимизде улыўма жасыллық дәрежесин 30 процентке, жан басына туўра келетуғын жасыл аймақларды 10 квадрат метрге жеткериў бойынша үлкен шек белгиленди.

Усы мақсетте Сурхандәрьяда 10 мың гектарда “жасыл мәкан,” Сырдәрьяда 84 километрлик “жасыл дийўал” қурылады. Қарақалпақстанда 1 миллион гектар, Наўайы ҳәм Бухарада 300 мың гектардан, Хорезмде 85 мың гектар шөл аймағында жаңа тоғайлықлар жаратылады. Сондай-ақ, ўәлаят ҳәкимлериниң ҳәр бири кеминде 100 гектар майданда ботаника ҳәм дендрология бағларын, 20 данадан сая-салқын сейил етиў көшелерин шөлкемлестириўге жуўапкер болады.

Экология ҳәм халықтың саламатлығы ең әҳмийетли мәселеге айланып атырған ҳәзирги шараятта аймаққа сай терек түрлерин таңлаў ҳәм егиўде Халықаралық молекуляр аллергология орайының усыныслары да үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

Усы жылдан ҳәр бир аймақта “жасыл” техникумлардың жумысы жолға қойылып, дуал билимлендириў тийкарында жылына 10 мың қәниге таярлаў басланады. Ботаника ҳәм дендрология бағлары усы техникум оқыўшылары ушын әмелият базасына, илимий хызметкерлер ушын болса изертлеў майданына айланады.

Президентимиз аймақларда жасыл бағлар жаратыў бойынша халық ҳәм депутатлардың қатнасын және де кеңейтиўди усыныс етти. Алдын “Мениң бағым” бағдарламасы шеңберинде ҳәр бир жойбарға бюджеттен 250 миллион сумға шекем қаржы берилген болса, енди бул муғдар 400 миллион сумға арттырылады. Ҳәр бир жасыл бағ ҳәм жәмиетлик парк ушын халық өзи таңлаған, жасаў аймақларына жақын ҳәм ең әҳмийетлиси, суў тәмийнаты бар орынлардан 1 гектарға шекем жер ажыратылады. Быйылғы мәўсимнен Нызамшылық палатасының ҳәр бир депутатына да өз округинде жасыл аймақ ҳәм жасыл бағ жаратыўы ушын 412 миллион сумнан қаржы бериледи.

Мәмлекетимиз басшысы халқымызда “Жақсыдан бағ қалады,” “Бир нәл – мың берекет,” “Перзент көрсең, той берсең, терек ек” деген ҳикметли сөзлер бийкарға айтылмағанын атап өтти. Бундай миллий қәдириятлардың әҳмийети бүгин ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли болып атырғаны көрсетип өтилди.

Усы мүнәсибет пенен Президентимиз мәҳәлле баслықлары, ата ҳәм аналарымыз, ҳаял-қызлардың ўәкиллери ҳәм барлық белсендилерди орынларда миллий үрп-әдетлер, дәстүр ҳәм қәдириятларды және де кеңирек үгит-нәсиятлаўға, клублар ҳәм жәмәәтлер шөлкемлестирип, ҳәр бир көше, шаңарақ, жол бойларына нәл ҳәм гүллер, таў-далаларға терек ҳәм путалар егиўде басшы болыўға шақырды.

Пайтахтымызда 108 гектар майданда Миллий дендрология бағы шөлкемлестирилмекте. Бул жердеги “Жасыл” университет аймағында “илим – жойбар – әмелият” шынжыры тийкарында қурылып атырған “in vitro” лабораториясы, дәрилик өсимликлер және туқымгершилик ҳәм селекция орайлары да усы жылдың өзинде иске қосылады.

Бул комплекслер тек ғана нәл жетистириў орны емес, ал мәмлекетимиздиң экологиялық келешегин илимий тийкарда жойбарластырыўшы тәбийий орынға айланады. Келешекте бул жерде жетистирилетуғын нәллер тәбияттың ҳәр қыйлы ынжықлықларына ҳәм суўсызлыққа шыдамлылығы менен ажыралып турады. Бағ сондай-ақ, жергиликли ықлымға сай, аз суў талап ететуғын сийрек ушырасатуғын терек түрлерин көбейтиўге де хызмет етеди. Бул болса жойбардың тек ғана муғдар емес, ал сапа ҳәм илимий тийкарланғанлық принципи тийкарында жолға қойылып атырғанын аңлатады.

Президентимиз илажда қатнасқан Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Тоғайлар бойынша форумының баслығы Исмоил Белен, форум Секретариатының директоры Жульет Биао, сырт мәмлекетлердиң Өзбекстандағы дипломатиялық корпусының ўәкиллери ҳәм барлық қатнасыўшыларға шын жүректен миннетдаршылық билдирди.

Илаж жуўмағында Президент Шавкат Мирзиёев қатнасыўшылар менен биргеликте Миллий дендрология бағының дәслепки 5 гектар майданына саяманлы нәллер екти. Соның менен бирге республикамыздың барлық аймақларында 21 мыңға шамалас жерлесимиз және 164 гектар майданда 88 мың түп нәл отырғызды.

Бүгин нәллерге меҳир менен суў қуйып атырған аталар, бағ жаратыўды турмыслық зәрүрликке айландырған жаслар ҳәм мәмлекет тәрепинен көрсетилип атырған жоқары итибар улыўма мақсет жолында бирлести. Халқымыз бул ийгиликли ҳәрекет тез арада нәтийже беретуғынына исенеди.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

 Икром АВВАЛБОЕВ,

ӨзАның хабаршылары