Туризм тараўында бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарлары додаланды

81

 

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев елимизде сапар менен болып турған “БМШ Туризм” бас хаткери Шайха Носир Ал Новайсти қабыллады.

Өзбекстан ҳәм БМШтың бул қәнигелескен мәкемеси арасындағы көп тәреплеме ҳәм узақ мүддетли бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Шөлкем басшысы Өзбекстанда туризм тараўында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды жоқары баҳалады. Туризм инфраструктурасын модернизациялаў ҳәм хызметлерди диверсификациялаў бойынша избе-из илажлар әмелге асырылмақта. Авиақатнаўлар географиясы кеңеймекте, жаңа музейлер шөлкемлестирилмекте, ири мәдений илажлар турақлы өткерилмекте.

Соңғы 8 жылда елимизге келген туристлердиң саны 6 есеге көбейип, дерлик 12 миллионға жеткени айрықша атап өтилди. 2030-жылға шекем олардың санын 20 миллионға, туризмниң елимиздиң жалпы ишки өниминдеги үлесин болса 7 процентке жеткериў режелестирилген.

Өзбекстан ҳәм “БМТ Туризм” арасындағы бирге ислесиў жедел пәт пенен раўажланып атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. 2023-жылы Самарқанд қаласында Шөлкемниң Бас Ассамблеясы табыслы өткерилди, Халықаралық туризм академиясы шөлкемлестирилди, жақында болса “Жипек жолында туризм” темасындағы офистиң ашылыўы болып өтеди.

Өзбекстанның басламасы менен БМШ Бас Ассамблеясының 2027-жылды Халықаралық турақлы ҳәм жасаўшы туризм жылы деп жәриялаў ҳаққындағы резолюциясы қабыл етилди.

Сөйлесиў ўақтында тәреплер шерикликти буннан былай да раўажландырыў, соның ишинде, туризм тараўында халықаралық ҳуқықый базаны жетилистириў, биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў, экспертлик ҳәм техникалық бирге ислесиўди кеңейтиў, туризм тараўы ушын жоқары маманлықтағы кадрларды таярлаў нийетинде екенин исенимли тастыйықлады.

ӨзА