Әмиўдәрья: жаңа жойбарлар ҳәм имканиятлар

62

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Әмиўдәрья районын социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың турмыс шараятын жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде усы районда болды.

Жоқарғы Кеңес Баслығы дәслеп “Қыпшақ” мәҳәллесиндеги базар аймағында әмелге асырылыўы белгиленген жумысларды көзден өткерди.

Буннан соң, “Гүлзар” мәҳәллесиндеги “RIZQBARAKA” ЖШЖ тәрепинен саўда орайын шөлкемлестириў, “Боёвул” мәҳәллесиндеги жеке исбилермен Дониёр Жумамуратов тәрепинен мебель ислеп шығарыў, “Чордара”дағы “Amudaryo EKO MARKET” ЖШЖ тәрепинен экобазар ҳәм заманагөй автомобиль турар орнын шөлкемлестириў, “Инобат Хўжаниязова” шаңарақлық кәрханасының ағаш усташылығы жойбарлары көзден өткерилди.

“Жедел турмысқа қәдем” күндизги қарап турыў хызмети, “Қылышбай” мәҳәллесиндеги Сардорбек Имомаддиновтың оқыў орайын шөлкемлестириў, “Караман” мәҳәллесиндеги Өмир Матьякубов шаңарағындағы шарўашылық жойбарлары, буннан тысқары, “KUNGRAD DRINKS” ЖШЖның көтере саўда хызметин шөлкемлестириў, “AMUDARYO YORUG`” ЖШЖның шығындыны қайта ислеў – екилемши гранула ислеп шығарыў жойбарлары жумыслары үйренилди. Исбилерменлер менен тығыз ислесиў арқалы жақыннан жәрдем бериў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.

Үйрениўлер даўамында республикамыз басшысы “DONO AVLOD” мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң ашылыўында қатнасты ҳәм жаратылған шараятлар менен танысты.

Сондай-ақ, “Жаңа Өзбекстан” массивинде әмелге асырылған қурылыс жумыслары ҳәм абаданластырыў басқармасы тәрепинен төлемли хызметлерди жолға қойыў жойбарлары барып көрилди.

Халықтың абадан турмысын тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыўға қаратылған бундай жойбарларды және де көбейтиў керек екенлиги атап өтилип, жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.

Жоқарғы Кеңес Баслығы А.Орынбаевтың басшылығында район белсендилери, министрлик ҳәм шөлкемлер, районлық мәкеме басшылары қатнасыўында мәжилис өткерилди.

Онда халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, олардың турмысында ушырасып киятырған машқалаларға шешим табыў, районның социаллық-экономикалық жағдайын жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, сондай-ақ, мәмлекетлик бағдарламалар шеңбериндеги белгиленген ўазыйпалар,  әмелге асырылыўы тийис болған илажлардың ҳәм алдын берилген тапсырмалардың орынланыўы ҳаққында сөз етилди.

Мәжилисте дәслеп, мәҳәллелерде жаңа жумыс орынларын жаратыў, исбилерменликти жолға қойыў бойынша жуўапкерлердиң презентациялары усынылды.

Буннан соң мәҳәллелерди абат етиў, инфраструктура менен байланыслы машқалаларды шешиў, мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде жойбарлардың әмелге асырылыўы, жаңа кәрханалардың жумысларын шөлкемлестириў, қайта тиклениўши энергия дереклерин кеңнен ен жайдырыў, кәмбағаллықты қысқартыў, пуқаралардың турмыс дәрежесин жақсылаў бағдарындағы ўазыйпалардың орынланыўы мәселелери сын көзқарастан көрип шығылды.

Соның менен бирге, пуқаралардың қосымша дәрамат алыўына жәрдемлесиў, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменликти раўажландырыў, кәрханалардың жумысларына жақыннан жәрдем бериў, банк хызметлерин ҳәм базар инфраструктурасын жақсылаў бойынша да тапсырмалардың орынланыўы мәселелери де додаланды.



Жоқарыда атап өтилген жумысларды әмелге асырыўда кемшиликлерге жол қойып, өзиниң хызмет ўазыйпасына ҳәм билдирилген исенимге немқурайдылық пенен қарағаны ушын айырым жуўапкерлер сынға алынып, кемшиликлер атап өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги