Аймақларда жасыл бағлар жаратыў бойынша халық ҳәм депутатлардың қатнасын және де кеңейтиў усыныс етилди

38

Президент Шавкат Мирзиёев “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде нәл егиў илажында қатнаспақта.

Усы жылдан ҳәр бир аймақта “жасыл” техникумлардың жумысы жолға қойылып, дуал билимлендириў тийкарында жылына 10 мың қәниге таярлаў басланады.

Ботаника ҳәм дендрология бағлары усы техникум оқыўшылары ушын әмелият базасына, илимий хызметкерлери ушын болса изертлеў майданына айланады.

Президентимиз аймақларда жасыл бағлар жаратыў бойынша халық ҳәм депутатлардың қатнасын және де кеңейтиўди усыныс етти.

Алдын “Мениң бағым” бағдарламасы шеңберинде ҳәр бир жойбарға бюджеттен 250 миллион сумға шекем қаржы берилген болса, енди бул муғдар 400 миллион сумнан арттырылады.

Ҳәр бир жасыл бағ ҳәм жәмийетлик парк ушын халық өзи таңлаған, жасаў аймақларына жақын, ең әҳмийетлиси, суў тәмийнаты бар орынлардан 1 гектарға шекем жер ажыратылады.

Быйылғы мәўсимнен Нызамшылық палатасының ҳәр бир депутатына да өз округинде жасыл аймақ, жасыл бағ жаратыўы ушын 412 миллион сумнан қаржы бериледи.

ӨзА