Быйыл “Мен де нәл егемен” басламасы шеңберинде 75 миллион түптен аслам терек ҳәм пута нәли егилди

74

Президент Шавкат Мирзиёев “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде нәл егиў илажында қатнаспақта.

Өткен ҳәптеде Президентимиз қол қойған жаңа пәрманға бола, Өзбекстанда 2030-жылға шекем улыўма жасыллық дәрежесин 30 процентке, жан басына туўра келетуғын жасыл аймақларды 10 квадрат метрге жеткериў бойынша үлкен шек белгиленди.

Буның ушын Сурхандәрьяда 10 мың гектарда “жасыл мәкан,” Сырдәрьяда 84 километрлик “жасыл дийўал” қурылады. Қарақалпақстанда 1 миллион гектар, Наўайы ҳәм Бухарада 300 мың гектардан, Хорезмде 85 мың гектар шөл аймағында жаңа тоғайлықлар жаратылады.

Сондай-ақ, ўәлаят ҳәкимлериниң ҳәр бири кеминде 100 гектар майданда ботаника ҳәм дендрология бағларын, 20 данадан сая-салқын сейил етиў көшелерин шөлкемлестириўге жуўапкер болады.

Экология ҳәм халықтың саламатлығы ең әҳмийетли мәселеге айланып атырған бир ўақытта аймаққа сай теректи таңлаў ҳәм егиўде Халықаралық молекуляр аллергология орайының усынысы да оғада зәрүр екени атап өтилди.

ӨзА