Өткен қысқа дәўирде республикада жасыллық дәрежеси 8 проценттен 14,2 процентке артты

80

Президент Шавкат Мирзиёев “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде нәл егиў илажында қатнаспақта.

Өткен жылы Хожели, Янгибазар, Ғиждувон, Балықшы ҳәм Аҳангаран районларында жылына 5,5 миллион түп саяманлы терек нәллерин жетистириў имканиятын беретуғын заманагөй нәлханалар иске қосылды.

Буннан тысқары, шөлистанлықты азайтыў ушын Қытай тәжирийбеси тийкарында быйыл биринши мәрте Арнасай, Қаракөл, Муборак, Кармана ҳәм Нөкис районларында 50 гектар майданда суўсызлыққа шыдамлы галофит бағлары жаратылды.

Бул жерде жетистирилген галофит туқымлары келешекте мыңлаған гектар жерлерде шорланыўды азайтып, топырақ өнимдарлығын арттырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Улыўма, өткен қысқа дәўирде республикада жасыллық дәрежеси 8 проценттен 14,2 процентке артты.

– Бул ийгиликли ислеримизге көпти көрген нураныйларымыз, күш-ғайратлы жасларымыз, интакер бизнес ўәкиллери, мийнет жәмәәтлери, жүз мыңлаған ўатанласларымыз мүнәсип үлес қосып атырғаны бәршемизди қуўандырады, – деди Президентимиз.

ӨзА