Шавкат Мирзиёев “Жасыл мәкан” улыўмамиллий жойбары шеңберинде нәл егиў илажында қатнаспақта

79

– Халқымыз әзелден Наўрыз күнлеринде, шаңарағында перзент туўылғанында қыйтақ жерине, майдан ҳәм қыябанларға, жол шетлерине жақсы нийет пенен нәл отырғызған, гүл ҳәм райханлар еккен.

Биз халқымызға тән усындай жақсы қәдириятлар тийкарында бес жылдан берли “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбарын әмелге асырып, ҳәр жылы 200 миллион түп нәл егип киятырмыз, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Өткен дәўирде 2 мың гектардан аслам майданда 942 жасыл бағ ҳәм жасыл жәмийетлик парклер, 47 массивте “Жаңа Өзбекстан бағлары” қурылды. Республиканың таў, шөл ҳәм қырларында 256 мың гектар тоғай жаратылды.

Аралдың қурыған ултанында 2 миллион гектар майданда жасыл қапламалы қорғаў тоғайлықлары жаратылды.

Самал ҳәм қум-шаң боранларының зыянлы тәсириниң алдын алыў мақсетинде 33 районда 60 километрлик “жасыл белбеў” пайда етилди.

ӨзА