Наманган ўәлаятында реформалардың нәтийжелилиги ҳәм әҳмийетли ўазыйпалар додаланды

33

Президент Шавкат Мирзиёев  31-март күни Наманган ўәлаятында реформалардың нәтийжелилиги ҳәм келешекте әмелге асырылыўы керек болған әҳмийетли ўазыйпалар бойынша мәжилис өткерди.

Мәжилисте соңғы жыллары Наманганда санаат, хызметлер ҳәм исбилерменлик тараўларында үлкен өсиў бақланып, ўәлаят көплеген бағдарларда басқа аймақлар ушын үлги болғаны атап өтилди. Атап айтқанда, сегиз жылда 40 мыңнан аслам жаңа кәрхана жумыс баслаған, өндирис көлеми болса 6 есеге артып, 40 триллион сумға жеткен.

Атап өтилгениндей, 2025-жылдың жуўмағы бойынша ўәлаяттың жалпы аймақлық өними 85,4 триллион сумды қурап, өсиў пәти 8,2 процентке жеткен. Санаат өнимлериниң көлеми 40,1 триллион сумды, хызметлердиң көлеми 56,3 триллион сумды қураған. Ўәлаятқа 3,3 миллиард доллар сырт ел инвестициясы тартылып, экспорт көлеми 916 миллион долларға жеткен.

Мәмлекетимиз басшысы жәҳән базарындағы турақсыз жағдай шараятында Наманганда экономикалық өсиў пәтлерин сақлап қалыў ҳәм жаңа “өсиў ноқатлары”н иске қосыў әҳмийетли екенлигин атап өтти. Усы мүнәсибет пенен 2026-жылы ўәлаят басшылығының алдына экономиканы 9,2 процентке, санаатты 9 процентке, хызметлерди 16,3 процентке, аўыл хожалығын 6,8 процентке арттырыў, туризм экспортын болса 1,7 есеге көбейтиў ўазыйпасы қойылды. Сырт ел инвестицияларының көлемин 5 миллиард долларға, экспортты 1,2 миллиард долларға алып шығыў ўазыйпасы белгиленди.

Жылдың ақырына шекем жумыссызлықты 3,5 процентке, кәмбағаллықты 2,5 процентке түсириў, Наманган қаласы, Давлатабад, Жаңа Наманган, Наманган, Косонсой, Нарын ҳәм Уйчи районларын жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықтан жырақ аймақларға айландырыў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.

Мәжилисте жасалма интеллект тийкарында аймақлық потенциалды терең таллаў мәселесине де айрықша итибар қаратылды. Нарын районы мысалында быйыл инвестицияны еки есеге, санаатты 10,4 процентке ҳәм экспортты 35 процентке арттырыў имканиятлары анықланғаны айтылды. Енди бул қатнасты ўәлаяттың барлық районларына енгизиў тапсырылды.

Азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бүгинги шараятта ең әҳмийетли мәселелерден бири екени атап өтилди. Сонлықтан, ўәлаятта аз нәтийжели 2,5 мың гектар бағлардың орнында заманагөй интенсив бағлар шөлкемлестириў ҳәм 8 мың гектар жерди өзлестириў ўазыйпасы қойылды. Бул арқалы қосымша дәрамат дереклери ҳәм жаңа жумыс орынлары жаратылады.

Мәжилисте ири инвестициялық жойбарларға айрықша итибар қаратылды. Соның ишинде, “Наманган” еркин экономикалық зонасының “Сабзазор” массивинде улыўма баҳасы 547 миллион долларлық 15 жойбарды толық әмелге асырыў ушын қосымша электр подстанциясын қурыў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди. Ҳәзирге шекем бул жерде 215 миллион долларлық 7 жойбар иске қосылған.

Сондай-ақ, баҳасы 20 миллион доллар болған заманагөй IT-парк имаратын қурыў усынысы билдирилди. Бул жойбар мәлимлеме технологиялары тараўына халықаралық компанияларды тартыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, аймақта санлы трансформация, жасалма интеллект, электрон коммерция ҳәм стартап экосистемасын жедел раўажландырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Давлатабад районын “Ақыллы қала”ға айландырыў, Наманган мәмлекетлик техника университетине қараслы бос объектлер тийкарында жасалма интеллект илимий лабораториясы ҳәм стартаплар клубын шөлкемлестириў басламалары да додаланды. “Наманган – ақыллы қала” бирден-бир санлы платформасы арқалы коммуналлық хызметлер, шығындыларды басқарыў, экологиялық мониторинг ҳәм транспорт системаларын басқышпа-басқыш интеграциялаў режелестирилгени айтылды.

Санаат ҳәм исбилерменлик бойынша бир қатар жаңа басламалар көрип шығылды. Соның ишинде, Чуст районында қуўатлылығы 60 мегаватт болған жасыл энергия жойбарын әмелге асырыў ушын 24 гектар жер майданын ажыратыў усынысы алға қойылды. Чартақ районында алкоголсыз салқын ишимликлер, шербетлер ҳәм балалар азық-аўқатын ислеп шығарыў кәрханасының жойбары таныстырылды.

Аўыл хожалығында да үлкен резервлер бар екенлиги атап өтилди. 2026-2027-жылларда жаңа интенсив бағ ҳәм жүзимзарлар жаратыў басламалары шеңберинде 3948 гектар майданда бағ ҳәм жүзимзарлар шөлкемлестириў, 1,3 миллион нәл егиў, 1,5 мың гектарда тамшылатып суўғарыўды енгизиў режелестирилген.

Қусшылық тараўында 50 миллион долларлық ири жойбар әмелге асырылатуғыны, оның шеңберинде 813 миллион дана мәйек ҳәм 2 мың тонна гөш ислеп шығарыў қуўатлылығы жаратылатуғыны мәлим етилди. Бул ўәлаяттың мәйекке болған талабын толық тәмийинлеў, Орайлық Азия ҳәм араб мәмлекетлерине 42 миллион долларлық қус гөши ҳәм мәек өнимлерин экспорт етиў имканиятын береди.

Туризмди экономиканың драйвер тараўына айландырыў мәселеси де додалаў орайында болды.

Ўәлаятты ойпатлық туризм орайына айландырыў мақсетинде Поп районында “Арашан” көллери әтирапында заманагөй ҳәм инновациялық туризм комплекси, Қамчиқ өткели аймағында “Qamchiq Mountain Resort” халықаралық көп функциялы таў дем алыў зонасы, Чодак аўылы Гүлистан мәҳәллесинде туризм орайын, Косонсой районы Алмазар мәҳәллесинде ири туризм дәргайын шөлкемлестириў, Янгиқўрғон районы Нанай аймағында жасалма көл жойбарын әмелге асырыў усыныс етилди.

Сондай-ақ, Наманган қаласының ески қала бөлиминде миллий архитектура, өнерментшилик дәстүрлери ҳәм заманагөй сервисти үйлестирген туризм комплексин шөлкемлестириў, “Чорсу” ҳәм “Сардоба” базарлары негизинде заманагөй “экобозор”лар қурыў, көп қабатлы автомобиль турыў орынларын қурыў усыныслары билдирилди. Бул жойбарлар қала экономикасын жеделлестириў, саўда ҳәм хызметлер тараўында жаңа жумыс орынларын жаратыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Инфраструктураны жақсылаў бойынша да бир қатар ири жойбарлар көрип шығылды. Соның ишинде, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында Наманган қаласы канализация системасын реконструкциялаў, сондай-ақ, Учқўрғон ҳәм Уйчи районларының орайларын биринши мәрте орайласқан ақаба суў тармақлары менен тәмийинлеў жойбарлары усынылды. Уйчи ҳәм Үшқорғанда 10 мың куб метрлик жаңа ақаба суў имараты, 40 километр жаңа тармақ ҳәм 28 километр оңлаўға мүтәж тармақты жаңалаў арқалы 42 мың халық ҳәм 6983 шаңарақ қамтып алыныўы белгиленген.

Жаңа Наманган қалашасында қурылыс жумысларын жеделлестириў мәселесине де айрықша тоқтап өтилди. Жойбар шеңберинде 30 мың жаңа жумыс орнын жаратыў, 25,2 километр жолды оңлаў, 7,2 километр пиядалар жолын, 4,7 километр суў тармағын ҳәм 7,4 километр жасыл аймақты қурыў нәзерде тутылған.

Социаллық тараўда да ири басламалар алға қойылды. Атап айтқанда, Наманган қаласында 2026-жылы 15 мың орынлық мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин шөлкемлестириў, 21 билимлендириў мәкемесиндеги бос турған 42 мың квадрат метр жер майданларын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында бақша қурыў ушын ажыратыў усыныс етилди.

Денсаўлықты сақлаў тараўында Республикалық қәнигелестирилген травматология ҳәм ортопедия орайының Наманган филиалын шөлкемлестириў, онкология ҳәм радиология орайын заманагөй ПЭТ-томограф аппараты менен үскенелеў, көп тармақлы медицина орайын реконструкциялаў ҳәм жоқары технологиялы операцияларды жолға қойыў сыяқлы басламалар көрип шығылды. Бул арқалы тек ғана ўәлаят халқына емес, ал қоңсы аймақлардан келетуғын наўқасларға да жоқары маман медициналық хызмет көрсетиў имканияты кеңеетуғыны айтылды.

Мәжилис жуўмағында Президентимиз Наманган ўәлаятында бар потенциалды толық иске қосыў, ҳәр бир жойбарды анық нәтийжеге айландырыў, халықтың бәнтлигин ҳәм дәраматын арттырыў, экспортқа қолайлы ҳәм жоқары қосымша қунлы өндирислерди кеңейтиў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.

ӨзА