Қазақстан менен көп тәреплеме бирге ислесиўди және де кеӊейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев елимизге рәсмий сапар менен келген Қазақстан Республикасы сыртқы ислер министри Ермек Кошербаевты қабыл етти.
Сөйлесиў алдынан жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың қызғын сәлемин ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы жақын дослық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.
Парламентлер, ҳүкиметлер, аймақлар ҳәм исбилермен топарлар дәрежесинде әмелге асырылып атырған жедел бирге ислесиў қатнасықлары үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Атап өтилгениндей, қоспа Ҳүкиметлераралық комиссия нәтийжели жумыс алып бармақта. Товар алмасыў көлеми турақлы өсип бармақта, санаат, энергетика, транспорт, экология ҳәм суўдан пайдаланыў тараўларында кооперация байланыслары избе-из кеңеймекте.
Ушырасыў ўақтында экономикалық жойбарларды жеделлестириў, сийрек ушырасатуғын металлар тараўында бирге ислесиўди жолға қойыў, туристлер ағымын және де көбейтиў, гуманитарлық алмасыў бағдарламаларын, соның ишинде, космос ҳәм креатив экономика тараўларында және де кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.

Болажақ еки ҳәм көп тәреплеме илажлардың күн тәртибин пуқта таярлаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Халықаралық ҳәм регионаллық сиясат мәселелери бойынша да пикир алысылды.
ӨзА