Тренер мийнети ҳәм жаслар жеңиси

43

Қашқадәрья ўәлаятында велоспорттың шоссе түри бойынша 2012-2013-жылларда туўылған жас өспиримлер арасында Өзбекстан чемпионаты болып өтти.

Мәмлекетимиздиң барлық аймақларынан жас спортшылар қатнасқан чемпионат үш басқышта өткерилип, онда республикамыз ўәкиллери айтарлықтай табысларды қолға киргизди.

Атап айтқанда, биринши басқыш 15 км аралыққа жеке басқарыўда Асадбек Кенжебаев, 2-басқыш 45 км аралыққа топар болып басқарыўда Бахытбек Махсетовлар қола, 3-басқыш 45 км аралыққа топар болып басқарыўда Бахытбек Махсетов алтын ҳәм Асадбек Кенжебаевлар гүмис медальларды қолға киргизди.

Бул жарысқа спортшыларды тәжирийбели тренер П. Арысланбаев ҳәм М. Арысланбаевлар таярлады.

– Енди республикамыз спортшылары 13-16-апрель күнлери  Қаршы қаласында өткерилетуғын жарысқа қатнасады, – дейди командамыздың бас тренери Пазыл Арысланбаев. – Ҳәзирги күнлери шәкиртлеримиз бенен биргеликте бул жарысқа пуқта таярлықлар көрип атырмыз.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы