Президент Шавкат Мирзиёев «Мәмлекетлик мүлк объектлерин ҳәм жер участкаларына болған ҳуқықларды исбилерменлик субъектлерине сатыў тәртибин әпиўайыластырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманға қол қойды. Ҳүжжеттиң толық тексти ӨзАда жәрияланды.

Пәрман тийкарында, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлерине бир неше ҳуқықларды бериўди нәзерде тутыўшы мәмлекетлик мүлк объектлери ҳәм жер участкаларына болған ҳуқықларды сатыў тәртибин әпиўайыластырыў бойынша эксперимент өткериў ҳаққындағы усыныслары мақулланды.

Атап өтетуғын жери сонда, пәрманға муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм ўәлаятлар халық депутатлары Кеңеси қарарларына тийкарланып бос турған мәмлекетлик көшпес мүлк объектлерин оларды баҳаламастан, 1 сумға тең баҳадағы дәслепки баҳада «E-IJRO AUKSION» электрон саўда майданшасында аукционға шығарыў арқалы инвестициялық ҳәм социаллық миннетлемелерди белгилеген ҳалда орнатылған тәртипте сатыўға рухсат етилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги